Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Кейинги жылларда мәмлекетимизде сейсмология, имаратлардың сейсмологиялық беккемлигин ҳәм сейсмологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўларын раўажландырыў ҳәм тараў шөлкемлериниң жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў бойынша кең көлемли комплексли илажлар әмелге асырылды. Бүгинги күнде бул тараўлардағы реформаларды избе-из даўам еттириў, халықтың сейсмологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң жаңа усылларын енгизиў айрықша әҳмийетке ийе.

Сейсмология, имаратлардың сейсмологиялық беккемлигин ҳәм сейсмологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўларында реформалардың анық мәнзиллилигин тәмийинлеў, тараўларға санлы технологияларды кеңнен енгизиў, жоқары маман кадрлар таярлаў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймағының сейсмологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын 2025-жылға шекем жетилистириў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) ҳәм оның мақсетли көрсеткишлери ҳәм индикаторлары 1 ҳәм 1а-қосымшаларға муўапық;

Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм аймағының сейсмологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын 2025-жылға шекем жетилистириў концепциясын 2022 – 2023-жылларда әмелге асырыў «жол картасы» (кейинги орынларда – «жол картасы») 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Концепцияны 2024 – 2025-жылларда әмелге асырыў бойынша «жол картасы» Министрлер Кабинети тәрепинен айрықша тастыйықланатуғыны белгиленсин.

  1. Концепция ҳәм оның мақсетли көрсеткишлери, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғыны белгиленсин:

а) сейсмология бағдары шеңберинде:

жер силкиниўлердиң жүзеге келиў механизми ҳәм тәбияттың ҳәм жер силкиниўдиң дәслепки белгилериниң түрли геодинамикалық процесслерде көриниўин изертлеў механизмин жетилистириў;

аймақларды макросейсмологиялық балларда ҳәм инженерлик көрсеткишлерде сейсмологиялық микроаймақластырыў бойынша онлайн-карталарды ислеп шығыў;

түрли дәрежедеги тектоник жер жарықларының орта масштабтағы картасын жаратыў ҳәм олардың сейсмологиялық потенциалын баҳалаў;

б) имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығын тәмийинлеў бағдары шеңберинде:

жеке тәртиптеги турақ жайлардың жер силкиниўге шыдамлылығын тәмийинлеў бойынша зәрүр илажларды көриў;

имарат ҳәм объектлер және суў сақлағыш дамбаларының жер силкиниўине шыдамлылық дәрежесин турақлы космослық мониторинг етиў системасын енгизиў;

в) сейсмологиялық бақлаўлар тармағын жетилистириў бағдары шеңберинде:

автоматластырылған комплексли-прогностикалық станцияларды көбейтиў есабынан республика аймағын толық мониторинг етиў имканиятын кеңейтиў;

миллий сейсмологиялық бақлаўлар тармағының халықаралық сейсмологиялық бақлаўлар глобаллық системасына киргизилген станциялар менен турақлы байланысларын тәмийинлеў;

г) сейсмологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бағдары шеңберинде:

сейсмология тараўында илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў ҳәм халық және мәмлекетлик уйымларды жер силкиниў ўақтында ҳәрекетлениўге таярлаў жумысын тәртипке салыў;

республика аймағында қурылып атырған имарат ҳәм объектлер, суў сақлағышлар ҳәм гидротехника имаратларының жер силкиниўине шыдамлылығын қадағалаў системасын жетилистириў.

  1. Төмендегилер:

Концепция ҳәм «жол картасы»нда белгиленген илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик уйымлардың биринши басшыларына жеке жуўапкершилик жүкленсин;

Сейсмология, сейсмологиялық шыдамлы қурылыс ҳәм Өзбекстан Республикасының халқы ҳәм аймағының сейсмологиялық қәўипсизлиги бойынша уйымлараралық илимий-техникалық кеңес (кейинги орынларда – Кеңес) мәмлекетлик уйымлар тәрепинен Концепция ҳәм «жол картасы»нда белгиленген илажлардың сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын қадағалаў ҳәм муўапықластырыў ушын жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2022-жыл 1-сентябрьден баслап республиканың сейсмологиялық белсенди зоналарында жаңадан қурылысы режелестирилип атырған қәўипсизлик факторы 8V категорияға тийисли болған объектлерге жер силкиниўине шыдамлылық бойынша шешимлер бериў тәртиби енгизиледи.

Онда, Қурылыс министрлиги экспертизадан өткерилген қәўиплилик факторы IV категорияға тийисли болған объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин илимий жуўмақлар алыўға бағдарлаўға, Илимлер академиясы объектлерге жер силкиниўге шыдамлылық бойынша илимий жуўмақлар бериўге жуўапкер етип белгиленсин.

Илимлер академиясы Қурылыс министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасының сейсмологиялық белсенди зоналарында қурылысы режелестирилип атырған қәўиплилик факторы 8V категорияға тийисли болған имарат ҳәм объектлерге жер силкиниўге шыдамлылық бойынша шешимлер бериў тәртибин енгизиў ҳаққында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) Илимлер академиясы тәрепинен Республиканың сейсмологиялық белсенди зоналарында жайласқан имарат ҳәм объектлер электрон техникалық паспортлардың бирден-бир интеграцияласқан платформасындағы мағлыўматлар тийкарында сейсмологиялық әззи социаллық тараў объектлериниң дизимин ҳәр жылы 1-апрельге шекем қәлиплестирип барыў ҳәм инструменталлық-техникалық тексериўден өткериў жумысларын Министрлер Кабинети менен келискен ҳалда шөлкемлестириў әмелияты жолға қойылады.

Онда, инструменталлық-техникалық тексериў жумыслары ушын қаржылар Сейсмология, имаратлардың сейсмологиялық беккемлигин ҳәм сейсмологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўын қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) есабынан қапланатуғыны белгиленсин;

в) 2022-жыл 1-октябрьден баслап республика аймағында көп квартиралы турақ жайларды жыллар кесиминде жер силкиниўге шыдамлылығы бойынша хатлаўдан өткериў әмелияты жолға қойылады ҳәм хатлаў нәтийжеси бойынша эксплуатация мүддетин өтеп болған сейсмологиялық әззи ҳәм авария белгилери анықланған көп квартиралы турақ жайлардың орнында басқышпа-басқыш жаңа турақ жайлар қурыў бойынша усыныслар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына киргизип барылады.

Онда, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги көп квартиралы турақ жайларды жер силкиниўге шыдамлылығы бойынша хатлаўдан өткериўге жуўапкер болған мәмлекетлик басқарыў уйымы етип белгиленсин;

г) 2023-жыл 1-майдан баслап суў сақлағышлардағы бөгетлердиң жер силкиниўине шыдамлылығын турақлы космослық мониторинг етиў системасы жолға қойылып, бул бағдардағы жуўапкер мәмлекетлик уйымлар космостан алынған сүўретлер ҳәм қайтадан исленген мағлыўматлар менен тәмийинлеп барылады.

Министрлер Кабинети жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги усы системаны жолға қойыў ушын жуўапкер мәмлекетлик уйым етип белгиленсин.

  1. Илимлер академиясы:

2022-жыл 1-июльға шекем сейсмология, имаратлардың сейсмологиялық беккемлилигин ҳәм сейсмологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы қәнигелер ҳәм илимий топар ўәкиллерин кеңнен тартқан ҳалда Сейсмологиялық қәўип-қәтерди азайтыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин;

2022-жыл 1-августқа шекем сейсмология, имаратлардың сейсмологиялық беккемлилигин ҳәм сейсмологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўы машқалаларының шешимине қаратылған усынысларды (тематикаларды) қәлиплестирип, Инновациялық раўажланыў министрлигине усынсын;

2023-жыл 1-февральға шекем Ташкент қаласындағы Турин политехника университетиниң илимпазлары менен биргеликте раўажланған мәмлекетлерде қолланылып атырған макросейсмологиялық шкалаларды үйренип шығып, «UMS-22» миллий макросейсмологиялық шкаланы ислеп шықсын;

2022-2025-жыллар даўамында Әндижан, Ташкент, Гүлистан, Нурафшан, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Жиззақ, Бухара, Наўайы, Қаршы, Термиз, Нөкис, Үргенш қалаларының санластырылған сейсмологиялық микроаймақластырыў карталарын ислеп шықсын.

  1. 2023-жыл 1-апрельден баслап суў сақлағышлардың бөгетлеринде сейсмологиялық қәўип-қәтерди алдыннан прогноз етиў ҳәм баҳалаў әмелиятын енгизиў мақсетинде:

космослық мониторинг шеңберинде стимуляциялық бағдарлама арқалы жер силкиниўи нәтийжесинде бөгеттиң опырылыўы ақыбетинде суў басыўы мүмкин болған республика аймақларының визуал 3D моделлерин ислеп шығыў әмелияты жолға қойылсын;

суў сақлағышлардағы бөгетлердиң опырылыўы ақыбетинде қутқарыў жумысларын шөлкемлестириўде тийисли министрликлер ҳәм уйымларды зәрүр космостан алынған сүўретлер ҳәм қайта исленген мағлыўматлар менен тәмийинлеў системасы енгизилсин.

Министрлер Кабинети жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги Илимлер академиясы, Айрықша жағдайлар министрлиги, Суў хожалығы министрлиги ҳәм Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы менен биргеликте 2023-жыл 1-февральға шекем бул әмелият ҳәм системаның иске қосылыўын тәмийинлесин.

  1. 2023-жылдан баслап республиканың сейсмологиялық белсенди зоналарында бийиклиги 9 қабат ямаса оннан жоқары болған сериялы қурылысы режелестирилген ямаса таңлап алынған имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығын арттырыў, сапасын тәмийинлеў ҳәм кемшиликлерди алдыннан сапластырыў мақсетинде вибродинамикалық үскене ямаса заманагөй санластырылған инструментал әсбап-үскенелер жәрдеминде сынаў ҳәм тексериў өткерип барылатуғыны белгиленсин.

Онда, сынаў ҳәм тексериўлер қурылыс жумысларына жуўапкер болған буйыртпашы шөлкемлер тәрепинен өткерилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қурылыс министрлиги 2022-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан шараятында кейинги заманагөй усылларды үйренип, таллаған ҳалда «Көп квартиралы имаратларды жойбарлаў» қала қурылысы нормалары менен қағыйдаларын илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-сынаў нәтийжелери тийкарында ислеп шығыў процеси бойынша Кеңеске мәлимлеме киргизсин.
  2. Транспорт министрлиги:

а) 2022-жыл 1-декабрьге шекем:

республикадағы барлық жасалма имаратларды (көпирлер, тоннельлер, эстакадалар, темир жол көпирлери ҳәм басқалар) хатлаўдан өткерсин ҳәм оның нәтийжелерин улыўмаластырып, бирден-бир санластырылған мағлыўматлар базасын шөлкемлестирсин;

анықланған ийесиз жасалма имаратларды уйымға тийислилиги бойынша бириктириў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

б) 2023-жыл 1-мартқа шекем республикадағы барлық жасалма имаратлардың жер силкиниўге шыдамлылығы бойынша электрон техникалық паспортларды қәлиплестирсин ҳәм олардың Республиканың сейсмологиялық белсенди зоналарында жайласқан объектлер ҳәм имаратлар электр техникалық паспортларының бирден-бир интеграцияласқан платформасына киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Суў хожалығы министрлиги ҳәм «Өзбекгидроэнерго» АЖ:

2022-жыл 1-августқа шекем биринши басқышта 2022-2023-жылларда I ҳәм II классқа киретуғын 32, екинши басқышта 2024-2025-жылларда III ҳәм IV классқа киретуғын 26 суў сақлағышларында сейсмологиялық бақлаўларды алып барыў ушын зәрүр әсбап-үскенелердиң сатып алыныўын әмелге асырыў бойынша тийкарланған усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин;

Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Илимлер академиясы менен биргеликте 2023-жыл 1-июльге шекем қарамағындағы категорияластырылған суў сақлағышлар ҳәм гидротехника имаратларының жер силкиниўге шыдамлылық бойынша экспертизасы экспресс усыл тийкарында өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. 2022-жыл 1-августқа шекем Суў хожалығы министрлигиниң орайлық аппаратында бар штат бирликлери шеңберинде сейсмологиялық бақлаўды турақлы қәлиплестириў бойынша қәниге лаўазымы енгизилсин;

Суў хожалығы министрлиги бул штат бирлигине тараў бойынша тәжирийбеге ийе болған қәниге кадрды тайынлаў илажын көрсин.

  1. Төмендегилер:

а) Кеңес тәрепинен тастыйықланған реже-график тийкарында Суў хожалығы министрлиги системасындағы суў сақлағышларда сейсмологиялық бақлаўларды өткериў бойынша қәрежетлер миллий бюджет қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлери суў сақлағышларда сейсмологиялық бақлаўларды өткериў ушын қаржыларды өз ўақтында ажыратып барылыўын тәмийинлесин;

б) Илимлер академиясы ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги Суў хожалығы министрлигиниң буйыртпасына тийкарланып сейсмологиялық бақлаўлардың өз ўақтында ҳәм сапалы өткерилиўин тәмийинлесин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, 2023-жыл 1-январьдан баслап:

а) сейсмологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик уйымлардың басшы кадрлары ҳәм хызметкерлериниң Халықтың барлық қатламларын жер силкиниўине таярлаўға мөлшерленген миллий электрон платформа арқалы маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаў курслары өткерилип барылады.

Онда, маманлық арттырыў ҳәм қайта таярлаў курслары басшы кадрлардың халыққа жер силкиниўлер ўақтында өзин тутыў қағыйдаларын түсиндириў, күшли жер силкиниўлерден апатшылықларсыз шығыў ҳәм күшли жер силкиниўлерге таярлық көриў бойынша көнликпелерин арттырыўға бағдарланады;

б) Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм Илимлер академиясы:

ҳәр үш жылда маманлық арттырыў ҳәм қайта таярлаў курсларын шөлкемлестирип барады;

миллий электрон платформаға маманлық арттырыў бойынша заманагөй бағдарламаларды ислеп шығып, киргизеди ҳәм турақлы түрде жаңалап барады.

Айрықша жағдайлар министрлиги Илимлер академиясы менен биргеликте 2022-жыл 1-декабрьге шекем миллий электрон платформаның жүргизилиўин ҳәм маманлық арттырыў ҳәм қайта таярлаў курсларын өткериў тәртибин тастыйықласын ҳәм әмелге енгизсин.

  1. Айрықша жағдайлар министрлиги:

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2022-жыл 1-августқа шекем халықтың барлық қатламын жер силкиниўден алдын, жер силкиниў ўақтында ҳәм жер силкиниўден кейин дурыс ҳәрекетлениўге еркин үйретиў ушын мөлшерленген мобиль қосымшаны ислеп шықсын;

2023-жыл 1-июньге шекем Өзбекстан Республикасы халқын жер силкиниўине таярлаў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарары жойбарын ислеп шықсын ҳәм белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Сейсмологиялық беккем имарат ҳәм объектлерди жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациялаў бағдарында маман кадрларды таярлаў системасын аймақлар кесиминде кеңейтиў мақсетинде:

2022-2023-оқыў жылынан баслап Наманган инженерлик-қурылыс институты ҳәм Ферғана политехника институтында «Имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығы» тәлим қәнигелиги бойынша кадрларды таярлаў әмелияты жолға қойылсын;

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў  министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте усы тәлим қәнигелиги бойынша қабыллаў көрсеткишлерин 2022-2023-оқыў жылы ушын мәмлекетлик буйыртпа параметрлерине әмелдеги квоталар шеңберинде киргизиў илажларын көрсин.

  1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Ташкент қаласындағы Турин политехника университетиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

Ташкент қаласындағы Турин политехника университетинде 2022-2023-оқыў жылынан баслап «Тарийхый зыярат етиў орынларының сейсмологиялық беккемлилиги» тәлим қәнигелигин ашыў;

2022-жыл 1-декабрьге шекем Ташкент қаласындағы Турин политехника университетинде жер силкиниўлер көп ушырасатуғын қәўипли аймақлар ушын ҳәр қыйлы дәрежедеги тәбийғый апатшылықлар сценарийлериниң заманагөй компьютер модельлерин ҳәм көрилген зыянларды есаплаў усылларын ислеп шығыў ҳәм оқыў бағдарламаларына киргизиў;

2022-жыл 1-сентябрьден баслап Ташкент қаласындағы Турин политехника университетинде «Имарат ҳәм объектлерди заманагөй компьютер бағдарламалары жәрдеминде модельлестириў» пәни бойынша жоқары билимлендириў шөлкемлериниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери ушын интенсив курсларды шөлкемлестириў.

  1. Төмендегилер:

«Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» миллий изертлеў университетинде грунтлы имаратлар, суў сақлағышлардың бөгетлерин, тырнақларын жер силкиниўге шыдамлылық бойынша заманагөй санлы есаплаў усыллары ҳәм бағдарламалары (Plaxis, Ansys, Abaqus ҳәм басқалар) жәрдеминде баҳалаўға мөлшерленген «Суў сақлағышлар ҳәм гидротехника имаратларының жер силкиниўге шыдамлылығын баҳалаў» оқыў-илимий лабораториясы;

Наманган инженерлик-қурылыс институтында имарат ҳәм объектлердиң жер силкиниўге шыдамлылығы бойынша техникалық жағдайын баҳалаў, актив сейсмологиялық қорғаў усыллары бойынша илимий изертлеўлер алып барыўға мөлшерленген «Имарат ҳәм объектлерди сейсмологиялық қорғаў» оқыў-илимий лабораториясы шөлкемлестирилсин.

Оқыў-илимий лабораториялардың штат бирликлер «Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» миллий изертлеў университети ҳәм Наманган инженерлик-қурылыс институтының профессор-оқытыўшыларын оптималластырыў есабынан топланатуғыны белгиленсин.

Министрлер Кабинети «Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» миллий изертлеў университети ҳәм Наманган инженерлик-қурылыс институтының тийкарланған усынысларына муўапық оқыў-илимий лабораторияларды зәрүр үскенелер менен басқышпа-басқыш Қордың қаржылары есабынан тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. Министрлер Кабинети еки ай мүддетте сейсмологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў мақсетинде тараў хызметкерлери ҳәм Кеңес ағзаларынан ибарат делегацияны қәлиплестирип, сырт мәмлекетлерге қысқа мүддетли таныстырыў-стажировка курсларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.

Таныстырыў-стажировка курсларын шөлкемлестириўге байланыслы қәрежетлер Қордың қаржылары есабынан қапланатуғыны белгиленсин.

  1. Министрлер Кабинети жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги:

2022-жыл 1-декабрьге шекем Илимлер академиясы, Айрықша жағдайлар министрлиги менен биргеликте республикадағы сейсмологиялық белсенди, орта белсенди ҳәм тыныш аймақлар және майданларды өзинде жәмлеген интерактив онлайн-картаны ислеп шықсын;

2023-жыл 1-августқа шекем сейсмологиялық белсенди зоналарда жайласқан имарат ҳәм объектлер майданының жер силкиниўлер ақыбетинде деформациясы, жылжыўы, шөгиўи сыяқлы факторларды анықлаўға мөлшерленген радиолокациялық космослық мониторинг системасын жаратсын.

  1. Илимлер академиясының Механика ҳәм имаратлардың сейсмологиялық беккемлигили институты ушын ажыратылған жер майданында өз алдына ҳәкимшилик ҳәм лаборатория имаратын қурыў, әмелдеги имарат ҳәм объектлерди ири оңлаўдан шығарыў ҳәм үскенелеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Илимлер академиясы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине усы бәнтте нәзерде тутылған қурылыс-оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын 2023-жыл ушын Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасына киргизиў бойынша усынысларды берсин.

  1. Қордың есабынан қаржыландырылатуғын сырт мәмлекетлерде ислеп шығарылған лаборатория үскенелери, есаплаў техника қураллары ҳәм аўысық материалларды қабыл етиўши шөлкемлер бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириў жыйымлары буған кирмейди) 3 жыл мүддетке азат етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
  3. Илимлер академиясы Айрықша жағдайлар министрлиги, Қурылыс министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип айрықша жағдайлар министри А.Х.Қўлдошев, қурылыс министри Б.И.Закиров, суў хожалығы министри Ш.Р.Хамраев ҳәм Илимлер академиясының президенти Б.С.Юлдашев белгиленсин.

Пәрманның орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Әмелге асырылған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында ҳәр ярым жылдың жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 30-май