Беларусь сайтында Самарқанд конференциясы темасы
Беларустың «EU Reporter» жаңалықлар сайтында «Самарқандта көрискенше: Брюссель сөйлесиўи Өзбекстанда саммит өткериў ушын тийкар жаратты» атамасындағы материал басып шығарылды.
Мақалада Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия арасындағы сиясат ҳәм қәўипсизлик мәселеси бойынша жоқары дәрежедеги сөйлесиў шеңберинде регионымыздың бес мәмлекети сыртқы ислер министрлериниң орынбасарлары Брюссельдеги ЕА жоқары мәртебели ўәкиллери менен ушырасқаны ҳаққында сөз болған.
-Глобал халықаралық жағдай тыныш емес болып турған бир ўақытта ЕАның Орайлық Азия менен бирге ислесиўи ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли,-делинеди, мәлимлемеде. – Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан менен бирге Европа ҳәм Азия арасындағы көпир ўазыйпасын атқарыўы стратегиялық әҳмийетке ийе.
Автор Брюссельдеги мәжилистен соң министр орынбасарлары гезектеги «Орайлық Азия – ЕА» министрлер конференциясын 2022-жылдың ақырында Самарқандта өткериў ҳаққындағы қарарды және бир мәрте мақуллағанына айрықша итибар қаратқан.
Беларусь сайтының жазыўынша, Еврокомиссия Өзбекстан менен жети жыллық бирге ислесиў бағдарламасына ийе. Солай екен, ЕК Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылып атырған реформалар, трансформация ҳәм интеграция процесин толық қоллап-қуўатлайды.
Б.Худойбердиев, ӨзА