«Ләзги» -муҳаббат ҳәм қәлб ойыны», «Ләзги» – дүньядағы ең қуяшлы ҳәм жалынлы ойын», «Ләзги – руўх ҳәм муҳаббат ойыны», «Ләзги» сулыўлығы – кеўиллерди ләрзеге салады», «Ләзги» – ойнамасаӊ ойнатады», «Кеўиллерге дәрман «Ләзги».
Хорезм ләзгисине берилген тәрийплердиӊ шеги жоқ. Хорезм әсирлер даўамында инсанияттыӊ мәнәўий ҳәм материаллық мәдениятыныӊ раўажланыўына салмақлы үлес қосып келген. Халқымыздыӊ көркем ақыл-ойы менен жаратылған бул көркем өнер жаратылысыныӊ пайда болыўы үш мыӊ жылларға барып тақалады. Ләзги ҳаққында түрли әпсана ҳәм рәўаятлардыӊ бар екенлиги де соннан дәрек береди.
Хорезмде усы жылы биринши мәрте «Ләзги» халықаралық аяқ ойын фестивалы өткерилди. Оған дүньяныӊ бир қатар мәмлекетлери ҳәм елимиздиӊ түрли аймақларынан мәденият ҳәм көркем өнер тараўы ўәкиллери қатнасты. Илаж барысында «Ийшан қала» комплекси аймағында аяқ ойынға байланыслы көргизбелер, миллий кийимлер, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў өнери дөретпелери, мүсиншилик үлгилеринен ибарат рәӊ бәреӊ көргизбелер шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, китаплар саўдасы, ярмаркасы болып өтти.
Хийўа қаласындағы «Фаровон» мийманханасында «Ләзги» халықаралық аяқ-ойын фестивалына бағышланған баспасөз конференциясы өткерилди. Илаж шеӊберинде шөлкемлестирилген «Өзбек миллий аяқ ойыныныӊ дүнья аяқ ойыны өнериндеги орны» темасында»ғы халықаралық илимий-әмелий конференцияда бир қанша сырт ел мәмлекетлеринен аяқ ойын шеберлери, музыка ҳәм көркем өнер тараўының илимпазлары, белгили артистлер, жетик маманлар, ҳүрметли мийманлар қатнасады.
Өзбекстанға биринши мәрте келиўим, – дейди болгариялы ойыншы Анелия Иванова. Ертеклерге уқсас қалада бул илаждың шөлкемлестирилиўи қандай да бир өзгешелик пайда еткен. Бул наманы тыңлар екенсиз қалайынша ойынға түсип кеткениңизди өзиңиз сезбей қаласыз. Мен өз ўатаныма бир дүнья тәсирлер менен қайтып баратырман.
Фестиваль шеңберинде өткерилген халықаралық аяқ ойын таңлаўының жеңимпазлары да жәрияланды. Таңлаўда өзбекстанлы аяқ ойыншы Дилноза Ортиқова Гран-приға ылайық, деп табылды ҳәм 7 мың доллар ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды. «Ең жақсы аяқ ойын жәмәәти» номинациясы бойынша биринши орын Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрының «Тумар» аяқ ойын ансамблине несип етти. «Ең жақсы жеке аяқ ойын атқарыўшысы» номинациясы бойынша биринши орынды Өзбекстанлы Шерзод Кенжабоев ҳәм қазақстанлы Гулнур Кассимбек ийеледи. «Ең жақсы сахналастырылған аяқ ойын» номинациясы бойынша биринши орынды Болгарияның «Пирин» аяқ ойын жәмәәти алды.
Ҳақыйқый мәнисте көркем өнер ҳәм мәденият байрамына айланған «Ләзги» халықаралық аяқ ойын фестивалы жуўмақланды.
Аҳмаджон ШОКИРОВ,
ӨзАның хабаршысы