Хийўа қаласында «Ләзги» халықаралық аяқ ойыны фестивалы даўам етпекте. Абырайлы конференция шеңберинде «Хорезм ләзги аяқ ойыны: миллий аяқ ойынлардың раўажланыўы ҳәм олардың ҳәзирги дәўирдеги әҳмийети» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция да өткерилди.

«Ләзги» аяқ ойыны Өзбекстан мәдений мийрасының элементи сыпатында Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы репрезентатив дизимине киргизилген. Бул ҳаққындағы қарар 2019-жыл 12-декабрь күни ЮНЕСКОның Материаллық емес мийрасты қорғаў бойынша ҳүкиметлераралық комитетиниң 14-сессиясында қабыл етилген.

Президентимиздиң басламасы менен ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилетуғын бул халықаралық фестиваль да «Ләзги» аяқ ойыны көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўда айрықша әҳмийетке ийе.

ЮНЕСКО, Туризм ҳәм мәдений мийрас, Мәденият министрликлери, Хорезм ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм басқа да уйымлары менен биргеликте шөлкемлестирилген халықаралық фестивальға дүньяның көплеген мәмлекетлеринен көркем өнертаныўшы илимпазлар ҳәм тараў қәнигелери келген.

Фестиваль шеңберинде өткерилген илимий-әмелий конференцияда мәмлекетимиз ҳәм сырт елден келген илимпаз-изертлеўшилер өзлериниң баянатлары менен қатнасты. Еки күн даўам еткен халықаралық илимий-әмелий конференция дөгерек сәўбети форматында өткерилди. Онда «Ләзги»ниң жәҳән аяқ ойыны көркем өнеринде тутқан орны ҳаққында пикир алысылды.

Илажда Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбеков қатнасты. «Ләзги» аяқ ойыны ЮНЕСКОның Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасының дизимине киргизилиўиндеги хызметлери ушын Өзбекстан халық артисти Гавҳар Матёқубоваға «Өзбекстан Хореография академиясының ҳүрметли профессоры» атағы берилди.

– Бул фестиваль миллий аяқ ойыны көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў, жасларда көркем өнерге болған муҳаббат сезимлерин жетилистириў, дөретиўшилик байланыслар шеңберин халықаралық көлемде кеңейтиўге хызмет етеди, – дейди Гавҳар Матёқубова. – Киши хызметлерди жоқары баҳалап, ҳүрметли профессор атағының берилиўи маған және де күш ҳәм жуўапкершилик бағышлады. Буннан былай ата-бабаларымыздың ески аяқ ойыны үлгилерин қәстерлеп сақлаў, оларды жасларға үйретиў сыяқлы жақсы әмеллерден жалықпайман. Мәмлекетимиз басшысына өз миннетдаршылығымды билдиремен.

Халықаралық илимий-әмелий конференцияда тек ғана өзбек аяқ ойынлары емес, ал сырт ел аяқ ойынларының келип шығыў тарийхы, уқсас ҳәм тутас тәреплери де додаланды.

– Бул конференция мен ойлағанымнан да нәтийжелирек болды, – дейди америкалы көркем өнертаныўшы илимпаз, хореограф Лора Грей. – Себеби илимий-әмелий илажда «Көшип жүретуғын халық аяқ ойынлары дәстүрлери: Британия ҳинд жәмийетлери», «Аяқ ойынында суғд циклин үйрениў», «Көркем өнер: өтмиш ҳәм ҳәзирги заман», «Әмелий этномузыкатаныў»: Шығыс менталитети, музыка ҳәм аяқ ойыны машқалалары», «Жипек  жолы мәмлекетлериниң раўажланыў ҳәм гүллеп-жаснаўы ушын кириў», «Аяқ ойыны көркем өнеринде той мәресими ушын япон ҳаял-қызларының липаслары» сыяқлы темалардағы баянатлардың өзи фестиваль қаншелли әҳмийетли екенинен дәрек бермекте.

– Халықаралық илимий-әмелий конференцияда қатнасыў ушын АҚШ, Болгария, Қазақстан, Малайзия ҳәм Тәжикстаннан хореографлар, балетмейстерлер, көркем өнертаныўшы илимпаз, профессорлар келген, – деди Өзбекстан мәмлекетлик хореография академиясының оқытыўшысы Дилафруз Дўстжонова. – Дөгерек сәўбетине мине усы илимпазлар тәрепинен аяқ ойыны көркем өнерин раўажландырыў, келешекте оны илимий изертлеў бойынша анық усыныслар алға қойылды. Жуўмақлаўшы нәтийже «Ләзги» аяқ ойыны пүткил дүнья жүзинде және де ғалаба ен жайыўына хызмет етеди.

– Мен Хийўа қаласындағы «Ичан-қалъа» комплексинде болып өткен фестивальдың ашылыў мәресимине тоқтамақшыман, – деди Тәжикстанның «Зебо» мәмлекетлик ансамблиниң басшысы Зебо Аминзода. – Рәңбәрен шырақлар жақтысында қала өзгеше келбетке енди. Әсирлер даўамында мәңги турған тарийхый орынлар, ләзгиниң жоқары дөретиўшилик көриниси менен және де гөззал көриниске ийе болды. Сийқырға бай намаға, косыққа шертилген жағымлы саз-әсбаплары кеўлиңизге йош бағышлайды. Қуллаққа жағымлы әжайып нама денеңизди титиркендирип, қолларыңызды ҳәрекетке келтириўге, яғный ойнаўға шақырады. Тили, дини, миллетине қарамастан, өзине оғада тартатуғын көркем өнер үлгиси – бул Ләзги болып есапланады.

«Ләзги» халықаралық аяқ ойыны фестивалы шеңберинде аяқ ойыны көркем өнерине бағышланған көргизбе, миллий саз-әсбаплары ҳәм липаслары, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер дөретпелери, мүсиншилик үлгилери, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, аудио ҳәм видео дисклер, китаплар, альбомлар, фотосүўретлерди көрсетиў және «Ичан-қалъа» комплекси аймағында олардың саўдасы шөлкемлестирилген.

Фестиваль шеңберинде өткерилетуғын «Ләзги» аяқ ойыны таңлаўы 3 номинация «Ең жақсы жеке аяқ ойын атқарыўшысы», «Ең жақсы аяқ ойын топары» ҳәм «Ең жақсы саҳналастырылған аяқ ойыны» бойынша баҳаланды.

Аҳмаджон ШОКИРОВ,

 ӨзАның хабаршысы