Кеше Германия ҳәм Англияда футбол бойынша Европа лигасыныӊ ярым финал ушырасыўлары болып өтти.
Германияныӊ Лейпциг қаласындағы «Ред Булл-Арена – Центральштадион» да болып өткен ойында жергиликли «РБ Лейпциг» Шотландияныӊ «Рейнджерс» клубын өз майданында қабыллады ҳәм 85-минутта Анхелиньо тәрепинен урылған жалғыз гол есабынан жеӊиске еристи.
Ал, Англияда болып өткен «Вест Хэм» ҳәм «Айнтрахт» командалары арасындағы ойында болса, германиялы футболшылар футбол жанкүйерлерин және бир мәрте таӊ қалдырып, өз қарсыласларын жеӊип шығыўға миясар болды.
Атап айтқанда, ушырасыўдыӊ 1-минутында-ақ, гол урыўға ерискен «Айнтрахт» футболшылары өзиниӊ қандай күшке ийе екенлигин көрсетти. Буннан кейин Лондон клубы Микаила Антонио тәрепинен урылған гол есабынан есапты теӊлестиргени менен, 2-тайм басында «Айнтрахт» клубы ағзасы Даити Камада және бир гол урып өз командасыныӊ жеӊисин тәмийинледи.
Еслетип өтемиз, буннан алдынғы басқышта «Айнтрахт» футболшылары «Барселона»ны Испанияда 3-2 есабында жеӊип шығып, ярым финал жолламасын қолға киргизген еди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы