Усы жылдың 13-16-февраль күнлери аралығында Жиззақ ўәлаятының музыкалы драма театры жәмәәти гастроль сапары менен республикамыздың Төрткүл, Беруний, Елликқала районларында болады.
Театр жәмәәти Умитжан Нурматовтың режиссёрлығында сахналастырылған «Тойлар мүбәрек» спектаклин тамашагөйлердиң нәзерине усыныў режелестирилмекте.
Театр жәмәәти 13-14-февраль күнлери Төрткүл районында (саат 11-00 ҳәм 15-00 те), 15-февраль күни Елликқала районында (саат 11-00 ҳәм 15-00 те), 16-февраль күни Беруний районы (саат 11-00 ҳәм 15-00 те)гастроль сапарында болады.
Бундай илажды өткериўден тийкарғы мақсет – Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында 2017-жыл 3-август күни Ташкент қаласында Өзбекистан дөретиўши зыялылары ўәкиллери менен болып өткен видеоселектор мәжилисинде көрсетилип өтилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын қабыл етилген Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 21-сентябрьдеги «Министрликлер менен ведомостволардың хызметкерлери шөлкемлескенлик пенен театрларға барыўын шөлкемлестириў, театрлар менен дөретиўшилик жәмәәтлердиң республикамыз бойлап гастроль сапарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы мәжилис баянламасын орынлаўдан ибарат.
Қарақалпақстан хабар агентлиги