Нөкис районындағы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Ақманғыт камалак инвест» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тигиўшилик кәрханасы иске түсти.
Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Утамбетов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары-Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Аҳмедова, район ҳәкими Ө.Уснатдинов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа кәрхананың ашылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңадан исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў мақетинде Нөкис районына Самарқанд ўәлаяты бириктирилген еди.
2022-2023-жыллар даўамында Самарқанд ўәлаятының исбилерменлери тәрепинен улыўма баҳасы 513,1 миллиард сумлық 34 жойбарды әмелге асырыў, соның есабынан 2070 жаңа жумыс орнын ашыў нәзерде тутылған. Бунда биринши гезекте «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқаралардың бәнтлигин тәмийинленеди.
Улыўма баҳасы 5,4 миллиард сум болған жойбардың иске түсирилиўи менен 100 пуқараның, тийкарынан үйде бос отырған ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Жылына 150 мың дана тоқымашылық өнимлерин ислеп шығаратуғын бул кәрханаға жумысқа қабыл етилгенлерди заманагөй үскенелерди басқарыўды үйретиў ҳәм тәжирийбесин арттырыў ушын Түркиялы қәнигелер мирәт етилген. Бул жердеги ислеп шығарылған өнимлер ишки базарымызды тәмийинлеп ғана қалмастан, келешекте сырт еллерге экспортқа шығарылады.
Илаж қатнасыўшылары жаңа кәрханада жумысшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги