25-апрель күни Олий Мажлис Сенаты Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша комитетиниң мәжилиси өткерилди. Онда Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде көрип шығылатуғын мәселелер додаланды.

Атап айтқанда, «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2022-жыл 1-шерегиниң жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң есабаты дәслепки тәризде көрип шығылды.

Соның менен бирге, комитет тәрепинен «Өзбекстан Республикасында медициналық-социаллық хызметлер системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды ҳәм пикир-усыныслар билдирилди.

Бул Нызам халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламының ҳуқықлары менен еркинликлерине байланыслы нызамшылықты жетилистириў бойынша жумыслардың логикалық даўамы екенлиги атап өтилди. Нызам қызғын додаланып, буннан кейин комитеттиң нызамды гезектеги жалпы мәжилис додалаўына киргизиў ҳаққындағы жуўмағы тастыйықланды.

Сондай-ақ, мәжилисте комитеттиң жумысшы топары тәрепинен 11-15-апрель күнлери «Мәлимлеме-китапхана жумысы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының Өзбекстан Миллий китапханасы ҳәм Жиззақ ўәлаятындағы Мәлимлеме-китапхана орайларындағы орынланыўы бойынша өткерилген үйрениў нәтийжелери көрип шығылды.

Тараў ушын кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў, имаратлардың қурылыс ҳәм санитариялық нормаларына муўапықлығы және материаллық-техникалық тәмийнат пенен байланыслы мәселелер сын көзқарастан додаланды, қәнигелер ҳәм экспертлердиң пикирлери тыңланды.

Соңында додаланған мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзА