Жаңаланып атырған мәмлекетимизде инсан қәдири барлық нǝрседен жоқары турады. Бул турмыстың барлық салаларында өзиниң айқын көринисин таппақта.
Тек ғана электр энергиясы тǝмийнатын алып қарайтуғын болсақ, соңғы бир неше жылдың өзинде тараўда үлкен өзгерислердиң жүз бергенин атап өтиўимиз мүмкин.
Алдынлары тез-тезден ушырасып туратуғын токтың өшиўлери, шеклеўлер, кернеўдиң нормадан аз болыўы ҳǝм басқа да машқалаларға шешим табылып, ўатанласларымыздың жасаў шараятлары жақсы тǝрепке өзгериўине ерисилди. Бундай жаңалықлардың ең шетки аймақларға жетип барыўы болса өз алдына жетискенлик.
“Қазақдǝрья” аўылы ең шетки аймақлардан болып, район орайынан 90, ал Нөкис қаласынан болса 125 км қашықлықта жайласқан. Бундай аймаққа сапалы ҳǝм үзликсиз электр энергиясын жеткерип бериў аңсат мǝселе емес. Лекин, соған қарамастан, бүгинги күнде алыстағы аймақта жасаўшы пуқаралар электр энергиясынан пайдаланыўда қыйыншылықларға ушырасып атырған жоқ деп толық исеним менен айта аламыз. Бул ҳаққында аўыл пуқаралар жыйыны белсендилериниң “Аймақлық электр тармақлары” Қарақалпақстан аймақлық филиалы жуўаплы хызметкерлери менен болған ушырасыўында сөз барды. Онда атап өтилгениндей, ҳǝзирги күнде аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 560 жеке ҳǝм 30 дан аслам юридикалық тутыныўшыларға 35-10 кВ жǝрдемши станция, 28 трансформатор пункти ҳǝм 66 кмилометр ҳаўа электр узатыў тармақлары арқалы сапалы ҳǝм үзликсиз электр энергиясы жеткерип берилмекте. Ҳǝзирги күнде тармақларды жаңалаў жумыслары алып барылмақта.
Ушырасыўда аймақ турғыны Ж.Өтемуратов үйине келип турған электр узатыў тармағындағы гөнерген темир-бетон бағаналарын алмастырып бериўди сорады. Филиал бас инженериниң орынбасары Т.Сайыпназаров бул мǝселениң қадағалаўға алынатуғынлығын ҳǝм тез арада шешилетуғынлығын мǝлим етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги