ямаса балықшының қызықлы әңгимеси
Мойнаққа кеш түсе жетип бардым. Минген көлик пенен Нөкистен 220 километр аралықты басып өтип, жол азабынан шаршап турсам да мақсетим Аралдың асаў толқынларына аў салып, теңиздиң дәўлетин өз көзи менен көрген балықшылар менен гүрриңлесиў еди. Әйне жаслық жылларының он сегиз жылын теңиз бенен байланыстырған Алмаз Тобашевтың үйин излеп барғанымызда ол намазшамын оқып болып, дөгерегинде ойнап жүрген ақлықларына «шымшықтай жуғырласып бир майдан тыныш отырмайсыз» деп оларды тәртипке шақырып атыр екен. Узыннан келген бойын жетпис сегиз жасында да тик услаған Алмаз ғаррының көриниси ҳәм оның өтмиште қалған ўақыяларды тынық пикирлеўи « Балық жеген адамның денсаўлығы жақсы болады» деген сөзди ҳақыйқый дәлиллеп турар еди.
-Екинши жер жүзилик урыс басланбастан бир жыл бурын «Таллы өзек» аўылында балықшының шаңарағында туўылдым. Есимди танығанлы Аралдың асаў толқынларын көрип, балық жеп өстик. Әкем нешше күнлеп теңизге аў салыў ушын кетеди, ал, анам болса балықтан ҳәр түрли тағамларды писирип берер еди. Ол заманларда бала болып дәри ишип, емлеўханаға жатып көрген емеспиз. Тымаўсырап қалсақ таңда ашаўға балықтың майын қыздырып, кеште сорпасына бурыш салып ишсек, ертесине аттай болып кететуғын едик,-деп еслеп баслады ол узақ өтмиште қалған балалық жылларын жаслық мәўритлерине уластырып. – 1959-жылы район орайындағы бурынғы В.В. Куйбышев атындағы орта мектепти тамамлағаннан соң «Таллы өзек» (бурынғы Сталин атындағы) колхозына балықшы болып жумысқа кирдим. Балықшы болып ислеген жылларымда Аралдың «Аббаз», «Үрге», «Сарбас», «Тайлақжеген», «Сүргил» участкаларында балық аўлаўға қатнастым.
Мотор қайықты айдайтуғын жерлиликли қәнигелер болмағанлықтан (ол заманларда моторлы қайықты тек орыс миллетиндеги қәнигелер айдайтуғын еди) колхоздың жолламасы менен 1961-жылы қала орайындағы судомеханик ҳәм судоводитель таярлайтуғын курсқа оқыўға кеттим ҳәм 25 ат күшине ийе судомеханик дипломын алып өз кәсибиме араластым. Соң 1963-жылы және усы курста оқып, 100 ат күшине ийе судомеханик дипломына ийе болдым. 1964-жылы колхоздағы «Волга» судносында судомеханик болып иследим. 1965-жылы районымызда биринши мәрте «Спутник» кинотеатрында балықшылар байрамы болды ҳәм мен де балықшы сыпатында усы кәсиплик байрамға қатнасыўға миясар болдым. 1967-жылы колхоз басшылары тәрепинен мийнетлерим баҳаланып «Өним өндириўши ең жас қәниге» көкирек белгиси менен сыйлықландым. 1968-жылы сентябрь айында Украинада болып өткен жаслар шөлкеминиң слётына Өзбекистан жасларынан дүзилген делегация қурамында мен де қатнасып қайттым. Сонда он бес республикадан қатнасқан жаслар арасында өзбекстанлы жаслар биринши орынды алыўға миясар болған болса мен де бул табысқа мылтықтан оқ атыў спорты бойынша бириншиликти алып, үлес қостым. 1970-жылы Мойнақ районындағы судомеханик қәнигесин таярлайтуғын курста оқып, 200 ат күшине ийе судомеханик дипломына ийе болдым.
Избе-из өмир жолын баянлап атырған Алмаз ғаррының әңгимелери жүдә қызықлы еди. «Асаў толқынлары бурқасынлап жағысқа урғанда теңиз жағасындағы үйлерге толқын урылып турар еди. Балалығымнан теңиз бенен өмиримиз тутас болып өстик. Параходлардың гудоклары, шағалалардың қыйқыўласқан даўыслары менен аў салсаң қуры қоймайтуғын теңиздиң гөззал көриниси бүгин мисли ертек сыяқлы. Ултанын сары қум менен сексеўил басып, суўы болса 300 километрге қашықласып кеткен теңиздиң бүгинги аўҳалын көрген жас әўладқа «Мынаў бир ўақытлары Арал деген үлкен теңиз болды. Бизлер балықшы болып бир ўақытлары күнине елиў центнер балық аўладық» деген сөзлеримиз ҳақыйқатында да ертек сыяқлы болып сезиледи. Базыда жаслық жылларымды еске түсириўге барғанымда теңиз жағалаўындағы «Кемелер қойымшылығы» н көрип, өзим де исениңкиремей, мына кемелерди минип балық аўлағанларымыз бүгинлиги түс сыяқлы болды-аў»,-деймен көз жасларымды ақлықларыма көрсетпей…
Алмаз аға мотор қайық айдайтуғын курсларды избе-из оқып, маманлығын арттырып келгеннен соң балықшылардың мийнетлери жеңиллесип, олар жергиликли халықтан усындай қәниге жетилисип шыққанына қуўанысты. 1982-жылға шекем балықшылық пенен шуғылланып, районның балық тапсырыў жобасын орынлаўында айрықша үлес қосты. Ол мийнет алдынғысы сыпатында бир неше мәрте Ҳүрмет жарлықлары ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланды.
-Бир күни,-деп еске түсиреди ол естен кетпес ўақыялар ҳаққында баян етип. Кеш түсе теңизге шықтық. Қыс айы. Теңизге муз қатқан. Алдында РВТ-300 ат күшине ийе мотор қайық пенен мен ҳәм изимде жети қайықта балықшылар ескек есип киятыр. Музды жарып алдында баратырсам муз мотордан тез жүзгенлиги соншелли, қайық аўдарыла жазлады. Соннан қайықларды муз қысып, бираз ўақыт бир жерде турып қалдық. Көп қыйыншылық пенен муз шайқасынан қутылып шығып, Үрге тәрепке дүрмин менен қарадым. Ай сүттей жақты. Қарасам суў қып-қызыл болып ылайланып атырған екен. Соннан төрт ярым метрге аў тасладық. Қарасақ мүмкин емес балыққа тап болдық. Сол жерде қайта-қайта аў таслап онлаған күн қалып кеттик. Рациядан хабар бердик, қабыллаўшылар келип қабыллап алып турды. Соңынан билсек, күнине қырқ-елиў центнерден балық аўлап тапсырған екенбиз. Бундай ўақыялар көп ушырасты. Теңизде нешше күнлеп қалып кеткенимизде жәрдемши күшлер сомолёт пенен азық-аўқат таслаған күнлер де болды.
Оның екинши гүрриңи өзиниң әжел аўзынан қалай аман қалғанлығы ҳаққында еди.
-Үш адам болып ескек есип балық аўына шықтық. Қыс айы болғанлығынан күн суўық еди. Қасымдағы жолдасымның биреўи ескекти қолайсыз ескенликтен қайық музға урылып, аўдарылып түстик. Соннан еки жолдасым муз пәршелерин қушақлап алып бир қолы менен суўды сермеп алдыға жүзип баратыр, ал мен болсам аўдарылған қайықты өз ҳалына келтиремен деп бираз ҳәлсиреп қалдым. Арадан бираз ўақыт өтип үшеўимиз де ҳәлсиреп қалдық. Музлап, ийеклеримиз сақылдап, аўыздан көбик шашырап, енди ҳалдан кетип атырғанымызда аңға шыққан орыс миллетиндеги еки адам бизлерди көрип, қутқарып қалды. Соннан көп қыйыншылық пенен бизлерди қайыққа тартып мингизди. Үстимиздеги кийимлеримизди шешип, кийимлерин кийгизип, өзлери майкишең қайықты айдап отырған. Қайығы бизлердиң қайығымыздан да киши болғанлықтан жалғыз Аллаға сыйынып зордан жағаға шықтық. Үйге жетип келсек анам хабарымызды еситип ашшы бурышты қазанға салып үйдеги ошақта қайнатып атырған екен. Үйдегилер бурыштың ашшы ийисинен көзлерин аша алмай, түшкирисип жүр, бирақ маған сезилмеди. Бурыш қайнаған ашшы суўды әкелип ишкизди сонда да тәсир етпеди. Соң жорам ашшы суўды үстиме қуйып шомылдырды бирақ тоңлап қалған денем оны да сезинбеди. Соның арасынша шыпакер жетип келип, еки қолымнан да калций хлор дәрисин укол етип жибергени сол, аяғымның тамырлары жыбырлап қызғанын билдим. Үш көрпени жаўып, мени жатқарып таслады. Уйқылап қалыппан. Таңда турып қарасам төсектиң бәри шылқылдаған суў. Денем қустай жеңил болған екен.
Теңиздиң бийбаҳа маржанлары болған балықлардың ишинде 140 килограмм келетуғын ылақа менен 40-50 килограмм шығатуғын бекирелерди аўлағанлары менен аўға шығатуғын ўақытта бекирениң ақ уўылдырығын (бул балықта ақ ҳәм қара реңде уўылдырық болады) жеп шықса балықшы бир күн тоқ болып жүретуғынын айтып бергенине таң қалып отырсақ, камбала деген балықтың бир көзли екенлиги ҳәм усы балыққа байланыслы әңгимеси бәринен де артып түсти.
-Теңиздиң суўы тартылғаннан соң жоба бойынша көллерге барып балық аўлай басладық. Сары қамыс көли менен Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай, Қазақдәрья, Шоманай районларында да балық аўлап, тапсырып үлгере алмағанларымызды сол районның жобасына да тапсырып, халыққа бердик. Тоқсаныншы жыллардың басы еди. Теңизде суў жоқ. Бар суўлар бөлинип ҳәр жерде кишигирим көл болып қалған ўақытлары еди. Бир күни тапсырма менен Өзбекстанның жигирма екинши партсъезди деген жерге барып балық аўладық. Аўды 43 метр тереңликке тасладық. Суўдың шорлығын өлшеп көрсек 40 процентке жетип тур екен. Қарасақ Каспийде болатуғын бир көзли камбала деген балық аўға түсе баслады. Сол күни 3 центнер балық аўлап қайттық…
– Аралда акула болған ба! Теңиздиң қурып атырғанын қалай еслейсиз!,-деген сораўымызға Алмаз ата былайынша жуўап берди.
-Өзим балықшы болып жүрип акула көрмедим. Бирақ, Орынбай Есиркепов деген жерлесимиз теңиз қурып атырған ўақытлары қырға шығып, өлип жатырған акуланы көрип оның тислерин райондағы музейге тапсырды, деп еситкеним бар. Алпысыншы жыллардың басы еди. Мен жаңа балықшы болып жумысқа араласып атырған ўақытларымда пенсияға шығып атырған балықшы ғарры менен гүрриңлесип қалдым. Бир күни,- деди ол гүрриңин баслап. Теңизде бақлаў жүргизип жүрмиз. Түн ортасы. Қасымдағы балықшылардың бәри уйқылап атыр. Мен гезек пенен нәўбетшимен. Қарасам теңиздиң ортасы аппақ болып шаңғытып атыр екен. Қасымдағыларды ояттым. Барып қарасақ балықлар бир жерде қашы болып атыр. Суўдың тереңлигин тексерсек 37 метр болып шықты. Усы әңгимени айтып болып «Балам теңиздиң күни питкен қусайды. Бул жақсылықтың белгиси емес. Мениңше теңиз қурыйды, шама менен үш жылдан кейин теңизде тиришилик болмайды»,-деди бас шайқап. Бизлер сол ўақытта ушы-қыйыры жоқ бир теңиздиң суўы қурып кететуғынына исенген жоқ едик. Әттең ғарры балықшы ҳақ болып шықты…
Өзиниң мийнеттеги мол табыслары менен күзге түскен Алмаз Тобашев 1982-жылы район басшыларының шешими менен «Таллы өзек» колхозына партия шөлкеми ҳәм баслықтың орынбасары болып жумысқа бекитилди. Нөкистеги аўылхожалық техникумында өндиристен қол үзбестен билим алып, 1992-1995-жыллар аралығында «Таллы өзек» колхозының баслығы болып жумыс атқарды. Қалалық Кеңеске депутат болып сайланды. Ғаррылық пенсияға шыққаннан соң және еки жыл колхозда жуўапкерли ўазыйпаларды атқарды. Турмыста өмирлик жолдасы Бийбайша Қанатбаева (Мектепте муғаллим болып ислеген, марҳум) менен сегиз перзентти тәрбиялап, қатарға қосып олардан ҳәзир 33 ақлық 3 шаўлық сүйип отыр.
-Өткен өмириме өкинбеймен. Устазым Ҳамидулла Жумашев болған болса, елге белгили Қанназар Қазақбаев, Султан Қаниязов, Қайыпберген Юсупов, Зари Нурлыбаев ҳәм басқа да зыялылар менен ислес, заманлас болдым. Теңиздиң қуты қашып атырған ўақытлары базылар туўған журтты таслап, көшип кеткен ўақытлары мениң көзим қыйып бул журттан кете алмадым. Бүгин Аллаға шүкир халқымыздың жағдайы жақсы. Ең тийкарғысы ел тыныш, халық тоқ. Президентимиздиң басламасы менен районымызға таза ишимлик суўы тармағы тартылып атырғанын еситип қуўанып, бар пәтиямызды берип отырмыз. Бир әрманым қәне, енди, Аралдың толғанын көрип, қайыққа минип, теңизге бир аў тасласам,-дейди ол йошланып.
Көз әйнексиз газета-журналлар оқып, телевизор көрип, ҳәр күни күнделик (Бир күнделигим баяғы қайық аўдарылғанда суўға ығып кетти дейди қыйналып) жазып, заман менен теңдей аяқ басып, өтмишти де ҳеш умытпастан еслей алатуғын Алмаз ғаррыға тәсийин қалмай илажымыз қалмады. Күнниң қақаман суўығында кешки аязда бизлерди көйлекшең узақ жерлерге шекем узатып салған оның бул ғайраты жасаўды усындай аталардан үйрениў керек, деген пикирге баслай берди.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
(Бул мақала 2016-жылы, февраль айында жазылған еди. Арадан 8 жыл өтсе де мақаланы қайта жәриялап атырғанымыздың себеби теңиздиң бурқасынлаған дәўирин өз көзи менен көрген балықшылар саны жылдан-жылға азайып бармақта. Олардың әңгимелери келешек жасларға өрнек болады деген үмиттемиз. Автор.)