Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниӊ 33 жыллық байрамы мүнәсибети менен Кәсиплик аўқамлары ағзалары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының Жиззах ўәлаятының Зомин районына ҳәм Самарқанд қаласына саяхаты шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетимизде туризмди избе-из раўажландырыў перспективалары, туризм объектлеринен нәтийжели пайдаланыў, көрсетилип атырған хызмет түрлериниң сапасын асырыў, елимизде дыққатқа ылайықлы орынларға саяхатшылардың санын көбейтиў бойынша қабыл етилген бир қатар қарарларда белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм “Өзбекстан бойлап саяхат ет” сүрени астында ишки туризмди және де раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
-Байрам мүнәсибети менен өткерилген илаждың мақсети халқымыздыӊ ески тарийхы, бай мәденияты ҳәм бийбаҳа қәдириятларын өзинде жәмлеген, ана тәбият пенен жақыннан таныстырыў, “Өзбекстан бойлап саяхат ет” сүрени астында ишки туризмди буннан былай да раўажландырыўдан ибарат,-дейди Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитетиниң баслығы Жеңисбай Аяпов.- Басланғыш кәсиплик аўқамлары менен биргеликте мәденият, спорт ҳәм туризм мәкемелеринде ислеўши 50 хызметкер хәм олардың шаңарақ ағзалары Жиззах ўәлаятының Зомин районы ҳәм Самарқанд ўәлаятының дыққатқа ылайықлы ҳәм зыярат етиў орынларында болды.Президентимиз тәрепинен туризм тараўын раўажландырыўда қаратылып атырған итибардан тараўда ислеўши хызметкерлер, нураныйлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының кеўиллери толып, бундай саяхатлар көбирек шөлкемлестирилиўин қәлемекте.

Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бирлескен комитети тәрепинен байрам мүнәсибети менен ғалаба хабар қураллары, мәденият, спорт ҳәм туризм тараўлдарында узақ жыллар мийнет етип, бүгинги күни ҳүрметли дем алыстағы нуранийлердиң, майыплығы болған шахслардың, кем тәмийинленген шаңарақ ағзаларының ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға саўғалар тапсырылды. Бундай қайырқомлық илажлары алдағы ўақытлары да даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги