Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 13-санлы протоколы тийкарында 2022-2023-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тест сораўларының саны ҳәм баҳалаў критериялары тастыйықланғаны ҳаққында хабар берген едик.

Ҳуқықтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев абитуриентлер итибар қаратыўы керек болған айырым өзгерислерди мәлим етти.

1) Қәнигелик блогындағы сораўлардың саны көбейтилди. Өткен жылы «спецблок»та 20 дан – улыўма 40 сораў берилген еди. Быйыл 30 сораўдан – улыўма 60 сораў бериледи;

2) Қәнигелик блогында биринши ҳәм екинши пәнге берилетуғын балл муғдары парқланатуғын болды. Өткен жылы еки пәнге де бирдей 3,15 баллдан берилген еди. Быйыл биринши орындағы әҳмийетли пәнге 3,1 балл, екинши пәнге 2,1 балл берилетуғын болды. Демек, бир-бирине сәйкес 5 бағдарды сайлаўда да быйыл өзгерислер болады. Өткен жылы екеўине бирдей балл берилгени себепли биринши ҳәм екинши пәнге ажыратылмаған еди. Енди быйыл тек ғана 2 пән туўра келиўи жеткиликли емес, олардың әҳмийетлилиги бойынша орны да есапқа алынады;

3) Бағдарына қарамастан ҳәмме ушын түсетуғын мәжбүрий блоктағы 3 пәнге берилетуғын балл муғдары азайтылды. Өткен жылы 2,1 баллдан берилген болса, быйыл 1,1 баллдан берилетуғын болды. Демек, быйыл мәжбүрий блоктан көп балл топлаў имкансыз. Өткен жылы мәжбүрий блок 63 балл берген болса, быйыл 33 балл топлаў мүмкин. Солай екен, быйыл тийкарғы балларды қәнигелик пәнлерден топлаў мүмкин. Яғный, 2 пәнге улыўма 156 балл (82,5%) берилмекте,-деп жазды Х.Худайбердиев.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.