Бизде «Көркем кеңес» жумыс басламақта. Енди ҳәр бир қосықшы клипти сүўретке алып, таяр болған өнимин тиккелей эфирге емес, ал жаңадан жумыс баслап атырған «Көркем кеңес»ке көрсетип алады. Себеби, денесин ашық көрсететуғын липасларда ҳәм қолайсыз  ис-ҳәрекетлер менен клипке түсиў, эфирге шығыў қосықшыны лицензиясынан айырады.

– Бизде «лицензиядан айыратуғындай», менталитетимизге сай емес клиплер жоқ, – дейди «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақстан Республикасының баслығы, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Бегис Темирбаев. – Бизде еле клип те онша көп емес, қосықшыларымыздың көпшилик қосықларына клип алынбаған. Бул жерде биринши гезекте халықты, әсиресе, жасларды бузғыншы идеялардан қорғаў, оларды мәдениятлы, кең талғамлы, әдеп-икрамлы, Ўатансүйиўши инсанлар етип тәрбиялаў мәселеси тур.

Соны да атап өтиў керек, жаңадан жумыс баслап атырған кеңес енди тек ғана клипке емес, қосықтың мәнисине де айрықша итибар қаратады.

 

Мөлдир Игиликова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы