Энергетика министрлиги ҳәм министрлик жанындағы «Өзэнергоинспекция» тәрепинен EnergoWiki мобиль қосымшасы ислеп шығылды, деп хабар берди министрликтиң баспасөз хызмети.

Бул қосымша тутыныўшыларға Энергетика министрлиги ҳәм оның системасындағы барлық шөлкемлердеги кейинги жаңалықлар, онлайн мүрәжат етиў ҳәм тутыныўшылардың сораўларына оператив жуўаплар, тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм басқа да бир қатар қолайлылықларды усынады.

Сондай-ақ, қосымша арқалы электр энергиясы ҳәм газ ушын төлем системасы, есап-санақ жағдайы бойынша жеке кабинет айнасы сыяқлы хызметлерди әмелге асырыў жолға қойылды.

Бул қосымшаны GooglePlay  системасы арқалы телефоныңызға бийпул орнатып алыўыңыз мүмкин. Мобиль қосымша бағдарламасы автоматластырылған ҳалда жаңалап барылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги