Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылған тийисли қарарға бола, 2022-жыл 1-майдан баслап стипендиялар ҳәр айдың 5-сәнесине шекем қаржыландырылады ҳәм студентлерге жеткериледи.
Пенсия ҳәм напақалар менен бир ўақытта АК «Халық банки»ниң көшпели кассалары тәрепинен мәҳәллелерге жеткериледи.
Сондай-ақ, халықты банкоматлар менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў мақсетинде 2022-жылдың 1-октябрине шекем сырт елден 1 800 банкомат алып келинип, олар аймақларда, соның ишинде, алыс аймақларда орнатылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги