Футбол бойынша Азия Чемпионлар Лигасыныӊ топар басқышында қатнасып атырған Қаршыныӊ «Насаф» командасы кеше Иорданияныӊ «Ал-Виҳдат» клубы менен ушырасты.
Ушырасыўдыӊ биринши бөлими теӊбе-теӊ гүреслер астында болып өтти ҳәм ортадағы есап ашылмады.
Екинши бөлиминиӊ 71-минутында «Насаф» легионери Марко Станоевич Баҳром Абдураҳимовтыӊ пасынан соӊ қарсылас команда дәрўазасын анық нышанға алыўға миясар болды.
Буннан соӊ да өз ҳүжимлерин тоқтатпаған «Насаф» футболшылары 85-минутта 11 метрлик жәрийма ислеп алыўға еристи ҳәм оны да анық әмелге асырған Марко Станоевич өз командасына үш упай алып берди.
Усы жеӊистен соӊ «Насаф» өз топарында 4 упай менен 1-орында киятыр.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы