Жаслар дөретиўшилик сарайында Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги тәрепинен дәстүрий түрде өткерилип киятырған «Жас китапқумар» таңлаўының 20-30 жас категориясы бойынша республикалық басқышы болып өтти.

Онда биринши орын Ташкент қаласынан Севинч Авазоваға, екинши орын Бухара ўәлаятынан Шамшода Ҳамдамоваға, үшинши орын болса Ташкент ўәлаятынан Фаррух Файзиевке несип етти.

Таңлаўдың быйылғы аймақлық басқышлары январь-февраль айларында өткерилген болып, таңлап алыў басқышларынан 3 жас категориясы бойынша 1 мың 242 китапқумар қатнасты.

Таңлап алынған 42 аймақлық басқыш жеңимпазлары таңлаўдың республикалық басқышына қатнасыў имканиятына ийе болды.

«Жас китапқумар» таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазларына 1-орынға Президент саўғасы «Спарк» автомашинасы, 2-орынға 50 миллион сум, 3-орынға болса 30 миллион сум, қалған барлық қатнасыўшыларға болса 10 миллион сум ақшалай сыйлықлар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги