Европа чемпионлар Лигасыныӊ әмелдеги жеӊимпазы «Челси»  Лондонда  Испанияныӊ «Реал»  клубы менен ойын өткерди.

Оғада қызықлы болып өткен ушырасыўдыӊ 21-24-минутларында Карим Бенземаныӊ басы менен жоллаған шырайлы голы, «Реал» футболшыларыныӊ өзлерине деген исенимин беккемледи.

Буннан кейин Лондон клубы ағзалары избе-из ҳүжимлер шөлкемлестирип, 40-минутта Хаверцтиӊ голы есабынан арадағы есапты қысқартыўға ерискен болса, 46-минутта Карим Бензема «Челси» дәрўазаманы ҳәм қорғаўшысыныӊ қопал қәтешилигинен нәтийжели пайдаланып өзиниӊ хет-трикин жаратты.

Ойынныӊ қалған минутларында болса есап өзгермеди. Егер, «Челси» клубы өз ойынын усылай даўам етсе, быйылғы жылы Чемпионлар Лигасында  жаӊа жеӊимпаз пайда болыўы мүмкин.

Лиганыӊ Испанияда болып өткен және бир ойынында болса, «Вильярреал»  өз майданында  «Бавария»ны қабыл етип, 8-минутта  Арнаут Данжума тәрепинен мийманлар дәрўазасына урылған гол есабынан ушырасыўда жеӊиске еристи.

Бул командалардыӊ жуўап ойынлары 13-апрельде болып өтиўи белгиленген.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы