Мәжилисте мектеп директорларына талап кескин күшейтилетуғыны атап өтилди. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар берди.

«Қайсы мектеп директоры ҳәрекет етип атырған болса, нәтийже болып атыр. Керисинше, шараят жақсы бола турып, өзгерис ислей алмай атырған директорлар да көп», деди Президент.

Сол себепли Халық билимлендириў министрлигине 1-сентябрьден директорларды сертификатлаў системасын енгизиў тапсырылды. Буннан былай директорлыққа талабанлар усы система арқала таңлап алынады.

Орынлардағы ҳақыйқый жағдайды үйрениў тийкарында 193 билимлендириў мәкемелери негизинде тәбийғый ҳәм анық пәнлерге қәнигелескен мектеплерди шөлкемлестириў усыныслары ислеп шығылды.

Ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлери 1-августқа шекем өз аймағындағы бул мектеплерди оңлаў, заманагөй үскенелеў, жасаў ҳәм аўқатланыў ушын шараятлар жаратыўға жуўапкер етип белгиленди.

«Жаңа оқыў жылына шекем 173 мектеп таяр болыўы шәрт ҳәм оған ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимлери жуўапкер. Қалған 20 қәнигелескен мектеп кейинги оқыў жылына шекем тапсырылыўы шәрт», деди Президент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги