Кеше Европаныӊ бир қатар қалаларында футбол бойынша Европа чемпионлар лигасыныӊ шерек финал басқышынан орын алған еки ушырасыў болып өтти.
Англияныӊ Манчестер қаласында өткерилген «Манчестер Сити» ҳәм Мадридтиӊ «Атлетико» клублары арасындағы ойынныӊ 70-минутында «Манчестер сити» футболшысы Кевин де Брюйне тәрепинен «Атлетико» дәрўазасына урылған гол, Англия клубыныӊ жеӊисин тәмийинледи.
Екинши ойында болса, «Ливерпуль» Португалияда «Бенфика» клубы футболшылары менен өз-ара күш сынасты.
Ушырасыўдыӊ 17-минутында Ибраҳима Конате «Бенфика» дәрўазасын анық нышанға алып, есапты ашқан болса, 34-минутта Садио Мане мерсисайдликлердиӊ екинши голын «Бенфика» дәрўазасына жоллаўға миясар болды.
Екинши таймға келип, майдан ийелери өзлериниӊ шеберликлерин көрсетип, арадағы парықты қысқартыўға еристи. Бунда 49-минутта Дарвин Нунез өз атына гол жаздырып қойды. 87-минутта болса, Луис Диас португалиялылар дәрўазасына гол урып, «Ливерпуль»дыӊ жуўап ойынындағы имканиятын жоқарылатып жиберди.
Бул командалардыӊ жуўап ушырасыўлары 14-апрельде болып өтиўи белгиленген.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы