Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директорының биринши орынбасары Собир Шукуров басшылығындағы делегация ағзалары Баку қаласында Әзербайжанның АзерТАЖ мәлимлеме агентлиги басқарма баслығы Аслан Асланов пенен ушырасып, өз-ара қатнасты беккемлеў мәселесин додалады.

АзерТАЖ басшысы дәслеп мийманларға агентлик ҳаққында толық мағлыўмат берди. Соның менен бирге мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз ҳәмийше бир-бирин қоллап-қуўатлап келгенин атап өтип, бул қатнасықлар және де беккемленетуғынына исеним билдирди.

Ҳәзирги процессте ӨзА ҳәм АзерТАЖ арасындағы шериклик көлемин кеңейтиў ҳәзирги күнниң әҳмийетли мәселеси екени атап өтилди.

Өз гезегинде С.Шукуров бул ушырасыў еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў ушын тийкар болатуғынын айтып, соның ишинде былай деди: «Мәмлекетлеримиз сыяқлы агентликлеримиз бирге ислесиўи де терең тарийхый тийкарларға ийе. Соннан келип шығып, биз АзерТАЖ бенен мәлимлеме алмасыў салмағын сезилерли түрде көбейтиў, техникалық жақтан, кадрлардың маманлығын арттырыў бойынша ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў нийетиндемиз».

Сөйлесиў ўақтында мәлимлеме тараўындағы халықаралық структуралар менен шериклик шеңберинде бир-бирин қоллап-қуўатлаў, келисим ҳүжжетлерине қол қойыў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў сыяқлы мәселелер де көтерилди.

Мийманлар АзерТАЖдың жаңа имаратын көзден өткерип, бул жерде хызметкерлер ушын жаратылған заманагөй шараятлар менен танысты.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан делегациясы ўәкиллерине мәмлекетимиздиң Бакудағы елшиханасының хызметкери Баҳром Ғоипов шериклик етти.

Ғайрат ХОННАЗАРОВ, ӨзА