Бүгин, 1-апрельден 23 жастағы балаларды толық қуўатлылыққа ийе болмаған бақашаларға қабыллаў басланады.

Бул ҳаққында Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң жуўапкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде өткерилген баспасөз әнжуманында мәлим етилди.

Мысал ушын, 400 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине ҳәзирги ўақытта 350 бала қатнайды. Сондай-ақ, бул бақшаға 3-7 жастағы балалар гезекте турмаған болса, бул бақшада қосымша төлемли хызмет көрсететуғын Дәслепки раўажланыў топарлары шөлкемлестириледи.

Оларға тәлим бериў ушын арнаўы бағдарлама ислеп шығылмақта. «Дәслепки қәдем» бағдарламасы усы дәслепки қәдем раўажланыў топарлары ушын қолланылмайды.

Еслетип өтемиз, мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев бул мәселеге айрықша итибар қаратқан еди. Бул болса жумыс ислеўди қәлеўши жас ата-аналар ушын қолай имканият. Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, жәмийетте олардың өз орнын табыўына жәрдемлесиў, мәплерин қорғаўға хызмет етеди.

Моҳигул Қосимова, ӨзА