Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы Республикалық көзи әззилер китапханасының директоры Алима Ахетова китапхананың Нөкис қаласы, Төрткүл, Еллиқала, Кегейли районларында филиаллары ашылатуғынлығы ҳаққында хабар берди.
Китапханалар район орайларында жайласқан мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайлары имараты ишинен ашылыўы режелестирилмекте.
Бундай филиалларды шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет – көзи әззи инсанлардың ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының билим алыў дәрежесин арттырыў, китапхана жумысын күшейтиў, китапхана фонды, оқыў-методикалық, көркем-әдебий, материаллық ҳәм техникалық базасын беккемлеў, штатлар бирлигинде көрсетилген тәжирийбели қәнигелер менен тәмийинлеў жумысларын әмелге асырыўдан ибарат.
Китапханаларды 2000 дана сөйлеўши, тегис баспалы ҳәм Л.Брайл шрифтиндеги әдебиятлар менен тәмийинлеў күтилмекте.
Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, бундай китапхана филиаллары бурын Шымбай, Хожели, Әмиўдәрья, Қоңырат, Беруний районларында ашылған болып, енди олардың қатарына 1 қала ҳәм 3 район қосылатуғын болды.
Өткен жылғы көрсеткишлерге сүйенетуғын болсақ, Нөкис қаласында 996, Төрткүл районында 490, Елликқала районында 332, Кегейли районында 253 ҳәр түрли топардағы көзи әззилер есапқа алынған.
Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы