1-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен «Ғәрезсиз елиме хош келдиң, Наўрыз!» атамасындағы таңлаў жәрияланған еди.

13-февраль күни Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде усы таңлаўдың республикалық басқышы өткерилиўи режелестирилмекте.

Таңлаў қатнасыўшыларының жасы шегараланбаған. Ондағы қатнасыўшылардың қосықлары ана-Ўатан, Наўрыз байрамы, бәҳәр паслына арналған жаңадан дөрелген қосықлар болыўы керек. Атқарыў ўақты 5 минуттан аспай, олар тәрепинен усынылған қосықлар фонограммасыз, жанлы ҳаўазда атқарылыўы талап етиледи.

Тәжирийбели төрешилер тәрепинен қатнасыўшылардың сахна ҳәм кийиниў мәденияты да есапқа алынады.

Таңлаўда «Ең жақсы қосық тексти», «Ең жақсы қосық атқарыўшысы», «Ең жақсы нама дөретиўшиси» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылады.

Ең жақсы қосық ийелери республика көлеминде өткерилетуғын 21-март-халықаралық Наўрыз байрамына бағышланып өткерилетуғын концерт бағдарламасына қатнасыў  имканиятына ийе болады.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы