Бүгин қыйтақ  жер тийкарғы дәрамат дәрегине айланбақта. Нөкисли жас исбилермен  Бабур Боранбаев еки жылдан берли исбилерменлик пенен шуғылланып келмекте. Тийкарынан 1 сотых жердеги теплицасында 4 түрдеги ҳәр қыйлы гүллерди  өсирип, үй алды кыйтақ жеринен үнемли пайдаланып келмекте.

Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң  депутаты А.Сайпова ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң хызметкерлери «Алланияз Қаҳарман» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Б.Боранбаевтың жумыслары менен жақыннан танысыў ҳәм сәўбетлесиў мақсетинде оның шаңарағында болды.

Жас исбилерменниң алдына қойған реже ҳәм мақсетлери, пикир-усынысларын тыңлады.

– Мениң алдағы режелерим ҳәм мақсетлерим анық,-дейди Б.Боранбаев. – Ҳәким жәрдемшиси С.Салилаевтың жәрдеми менен  «Агробанк»тен  27 миллион 500  мың  сум муғдарында кредит алып,  бүгинги күнде өз исбилерменлигимди және де кеңейтиў мақсетинде биогумус жетистириў менен шуғылланыўды да жолға қойдым.

Күнниң екинши ярымында халық ўәкили усы аймақта жасаўшы     Қуўаныш  Оразбаев  ҳәм  Турсынгүл Шаниязовалар  менен   сәўбетте  болды. Пуқара  Т.Шаниязова да ҳәким жәрдемшиси  С.Салилаевтың әмелий жәрдеми менен «Агробанк»тен 30 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитке биогомус ислеп шығарыў мақсетинде Калифорния қуртларын сатып алған ҳәм өзиниң исбилерменлик жумысын  баслады.

Халық ўәкили шаңарақ ийеси менен сәўбетлесип, елимизде  кейинги  жыллары алып барылып атырған  өзгерислер менен  жаңаланыўлар,  әсиресе, барлық тараўлар сыяқлы исбилерменликти раўажландырыў бағдарында қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийетин турмыслық мысаллар менен атап өтип,  шаңарақ ийесиниң пикир-усынысларын да тыңлады.

Сондай-ақ,  депутат  улыстың  улы  күни Наўрыз байрамы  мүнәсибети менен кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алып, байрам саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги