Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер менен биргеликте Қараөзек районы «Есимөзек» АПЖ аймағындағы 11-санлы улыўма билим бериў мектебинде аймақ турғынлары менен ушырасыў өткерди.

Халық ўәкили сайлаўшыларға елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаңаланыўлар, «Ҳәрекетлер стратегиясынан – раўажланыў стратегиясына қарай» принципи тийкарында ислеп шығылған жети тийкарғы бағдардан ибарат 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы, быйылғы жылы әмелге асырылыўы тийис әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип, усы ўазыйпалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине тоқтап өтти.

Ушырасыўда сайлаўшылардың машқалалары ҳәм пикир-усыныслары тыңланды. Атап айтқанда, «Есимөзек» АПЖ аймағындағы балалар бақшасындағы ысытыў системасын өзгертиў, ҳәкимлик тәрепинен ўақтынша жасаў ушын мүтәж шаңарақларға ажыратылған жайдың төбесин шиферлаў, жеке меншик жайлардың кадастр ҳүжжетлерин тиклеў, аймақтағы аўыллық шыпакерлик пунктин қайта ашыў бойынша мүрәжатлар билдирилип, депутатлық ўәкиллик шеңберинде шешими ўақытты ҳәм қаржыны талап ететуғын мәселелердиң орынланыўы қадағалаўға алынды.

Халық ўәкили аймақтағы 13-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып, оның жумыслары менен танысты. Бул шөлкем 160 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күнде 145 бала тәлим-тәрбия алмақта. Үйрениўлер даўамында МШБШның таза ишимлик суўға ҳәм тәбийғый газге мүтәжлиги бар екенлиги анықланып, тийисли мәкеме басшыларына көрсетпелер ҳәм усыныслар берилди. Сондай-ақ, аўылдың қыйтақ жерлерин суў менен тәмийинлеў бойынша да мәселелер үйренилди.

Депутаттың өз сайлаўшылары менен ушырасыўы Шымбай районында да өткерилди. Райондағы 8-санлы МШБШда болып, балалар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Бул МШБШ 1992-жылы қурылған болып, 2018-жылы қайта реконструкцияланған. 140 орынға мөлшерленген. Шөлкем хызметкерлери ҳәм аймақ турғынлары менен сәўбетлесиў даўамында шөлкемниң жанынан қосымша балалар бақшасының филиалын ашыў зәрүрлиги бар екенлиги анықланды. Соң депутат исбилерменлик субъектлеринде де болып, олардың жумыслары, режелери, машқалалары ҳәм пикир-усыныслары үйренилди.

Халық ўәкилиниң өз сайлаўшылары менен ушырасыўлары Кегейли районында да даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги