Футбол бойынша Өзбекстан U-23 сайланды командасы Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ Дубай қаласында басланған Dubai Cup—U23 халықаралық жарыста кеше өзиниӊ дәслепки ойынын өткерди.

Тимур Кападзе басшылығындағы командамыз ағзалары жарыстыӊ биринши турында Азияныӊ еӊ күшли командаларыныӊ бири Саудия Арабстаны футболшылары менен майданға түсти.  Ушырасыўдыӊ 25 ҳәм 39-минутларында Абдуллаҳ Ҳамдан тәрепинен урылған еки гол, саудиялы футболшыларға дәслепки үш упайды алып келди.

Енди Өзбекстан сайланды командасы футболшылары 25-март күни Бирлескен Араб Әмирликлери командасы менен өз-ара күш сынасады.

Бул турнирде жоқарыда аты аталған командалардан тысқары Хорватия, Япония, Қытай, Таиланд, Қатар, Вьетнам, Ирак сыяқлы мәмлекетлердиӊ командалары қатнаспақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги