Футзал бойынша Ташкент ўәлаятында 2007-жылы туўылған жас өспиримлер арасында болып өткен «Спорт мектеплери футбол лигасы» Өзбекстан чемпионатында Қарақалпақстан сайланды командасы үшинши орынды ийеледи.
Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, Олимпия миллий спорт түрлери бойынша мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп-интернатлары арасында өткерилген дәстүрий жарыста Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм республикамыздан сайланды командалар қатнасты. Үшинши орын ушын болған ойында республикамыздың сайланды командасы Қашқадәрья ўәлаяты командасын 4:1 есабында утып шықты. Республикамыз сайланды командасының дәрўазаманы Мухамеджан Қойланов ең жақсы ойыншылар қатарында сыйлықланды. Командамызды жарысқа Д.Сейдабуллаев, И.Уснатдинов ҳәм Х.Ешниязовлар таярлады.
Финалда Наманган ўәлаяты командасын 6:4 есабында утқан Самарқанд ўәлаяты командасы биринши орынды ийеледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.