«Әҳмийетли 10 күнлик» шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Тажибай Романов ҳәм ҳәким жәрдемшиси Қуралбай Сейтмуратовлар Хожели районындағы «Саманкөл» АПЖ турғынлары менен ушырасып, олардың машқаларын үйренди.

Ушырасыўда депутатқа мәҳәлле аймағындағы машқалалар, тийкарынан көшени асфальтлаў, қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў ушын зәрүр үскенелер, суўғарыў қурылмаларын (насослар) сатып алыўда әмелий жәрдем соралған мүрәжатлар билдирилди.

Ушырасыўда жеңиллетилген кредитлерден ҳәм басқа да преференциялардан пайдаланыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм үнемлеп пайдаланыў, сондай-ақ олардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша түсиниклер берилип, анықланған машқалаларды шешиў мақсетинде тийисли тараў ўәкиллери менен сөйлесиўлер алып барылды. Тез күнлерде машқалалар унамлы шешимин табыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, депутат Т.Романов, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты Аминбай  Худайбергенов пенен бирге «Мустақыллық» АПЖдағы «Қаржаў ата» аўылының турғынлары менен ушырасты. Ушырасыўда ҳәким жәрдемшиси, аўыл ақсақалы, мәкеме, кәрханалардың жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп аўыл турғынларының бүгинги күндеги турмысы менен танысып, олардың мүрәжатлары тыңланды. Мүрәжатларда атап өтилгениндей, аймаққа жыллар даўамында машқала болып келген ишимлик суўы тармақларының  тартылмағанлығы, мектеп оқыўшыларының мектепке баратуғын жолларын оңлаў керек.

Тийисли қәнигелер тәрепинен ишимлик суўын жеткериў бойынша 2022-жылдың бағдарламасына киргизилгенлиги ҳәм тез күнде бул бойынша жумыслар басланатуғынлығы түсиндирип өтилди. Жол мәселесин Жоқарғы Кеңес депутаты Т.Романов өз қадағалаўына алып тийисли орынларға депутатлық сораў арқалы шығып, шешимин табыўға жәрдем беретуғынлығын айтып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.