Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Кейинги жылларда әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеў, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен менен мәплерине байланыслы болған нызамшылық ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин түсиндириў, орынларда халықты тәшўишке салыўшы ҳуқықый машқалаларды шешиў, мәмлекетлик хызметлердиң сапасын арттырыў, өз жумысы бойынша жәмийетшиликке системалы түрде мағлыўматларды бериў мәселелеринде әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң роли ҳәм жуўапкершилиги сезилерли тәризде артпақта.

Соның менен бирге, «Жаңа Өзбекстан – халықшыл мәмлекет» идеясын әмелге асырыў әдиллик уйымлары системасында ҳәкимшилик реформаларын буннан былай да тереңлестириўди талап етпекте.

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳәм интеллектуаллық мүлкти ҳуқықый қорғаў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда система имканиятларынан ақылға муўапық пайдаланыў, бул тараўда муўапықласқан жумысты тәмийинлеў ҳәм ҳәкимшилик структураларының тутас вертикал басқарыўын қәлиплестириў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Мәмлекетимизде әдиллик ҳәм ҳуқық үстинлигин беккемлеў, халыққа профессионал хызмет ететуғын ықшам ҳәм нәтийжели басқарыўды жаратыў, декларатив өзгешеликке ийе ўазыйпаларды бийкар етиў, функцияларды әмелге асырыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизмлерди анық белгилеў ҳәм қайталаныўлардың алдын алыў арқалы бюджет қаржыларын үнемлеў және олардан ақылға уғрас пайдаланыў, соның ишинде, халықтың ҳуқықый машқалаларын шешиўде әдиллик уйымларының роли менен жуўапкершилигин буннан былай да күшейтиў мақсетинде:

  1. 2022-2023-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалар бағдарламасын ислеп шығыўды муўапықластырыўшы республикалық комиссияның Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм оның аймақлық басқармалары ҳәм Интеллектуаллық мүлк агентлиги ҳәм оның аймақлық орайларын ўазыйпа, функция ҳәм ўәкилликлерин Әдиллик министрлигине (кейинги орынларда – Министрлик) өткерген ҳалда қосып алыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Министрликке төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

а) халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бағдарында:

физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў;

артықша ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды сапластырыў есабынан оператив, қолайлы ҳәм сапалы мәмлекетлик хызметлердиң көрсетилиўин тәмийинлеў;

мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында, соның ишинде, тийисли мәлимлеме структуралары, ресурслар ҳәм мағлыўматлар базаларын енгизиў бойынша мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын қадағалаў ҳәм нәтийжелилигин баҳалаў;

б) интеллектуаллық мүлкти ҳуқықый қорғаў бағдарында:

интеллектуаллық мүлк тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм ойлап табыўлар, товар белгилери, авторлық ҳуқық ҳәм басқа да интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықларды қорғаў;

ойлап табыўлар, пайдалы моделлер, санаат үлгилери, товар белгилери ҳәм басқа да интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаў.

  1. Әдиллик министрлигиниң жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў ҳәм санластырыў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. а) юридикалық хызмет көрсетиў орайлары, район (қала)лық мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм олардың филиаллары және ПҲАЖ уйымларының барлық ҳуқықлары менен ўәкилликлерин сақлаған ҳалда район (қала)лық әдиллик бөлимлериниң структурасына ҳәм бойсыныўына өткерилетуғыны;

б) Министрлик:

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ҳәм интеллектуаллық мүлк (интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықларды қорғаў) тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы ҳәм Жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеми ҳәм интеллектуаллық мүлк тараўындағы басқа да халықаралық шөлкемлерде Өзбекстан Республикасын сәўлелендириўши ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымлары есапланатуғыны;

в) Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң бюджеттен тысқары қорлары оларды қәлиплестириў дәреклери ҳәм пайдаланыў бағдарларын сақлаған ҳалда барлық қалдық дәреклери менен биргеликте Министрликтиң қурамына өткерилетуғыны белгиленсин.

Агентликлердиң бюджеттен тысқары қорлары тийисли тәризде Министрликтиң Мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў қоры ҳәм Интеллектуаллық мүлкти раўажландырыў қоры етип қайта аталсын.

  1. Министрлик бир ай мүддетте Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң имарат-объектлери, товар-материаллық байлықлары, зәрүр мәлимлеме системалары ҳәм басқа да мүлклерди ҳәм тийисли ҳүжжетлерди қабыл етип алыўды тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 8-августтағы ПП-5505-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Норма дөретиўшилиги жумысын жетилистириў концепциясындағы ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлерин қабыл етиў тәртибин жетилистириў мақсетинде 2022-жыл 1-майдан баслап төмендеги тәртип орнатылсын, оған муўапық:

нызамшылыққа муўапық жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының қарарларын қабыл етиўде аймақлық әдиллик уйымлары унамлы шешим алыныўы белгиленген жағдайларда, бундай шешим алынбастан тийисли қарарларды қабыл етиў (шығарыў)ге жол қойылмайды;

Министрлик тәрепинен министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының норма дөретиўшилиги жумысы мониторинг етиледи ҳәм оның нәтийжеси бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барылады.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2023-жыл 1-апрельден баслап:

авторлық ҳуқық объектлериниң электрон қадағалаў нусқалары мәжбүрий тәртипте авторлық ҳуқық объектлериниң бирден-бир базасында (кейинги орынларда – Бирден-бир база) сақланады;

«Интеллектуаллық мүлк орайы» мәмлекетлик мәкемеси Бирден-бир базаны жүргизиў, техникалық тәмийинлеў ҳәм авторлық ҳуқық объектлериниң электрон нусқаларын Бирден-бир базаға киргизиў процесин муўапықластырыў бойынша жуўапкер – оператор етип белгиленеди;

объектлердиң электрон қадағалаў нусқалары Бирден-бир базаға авторлық ҳуқық объектлерин сақлаў жумысын әмелге асырыўшылар (депозитарийлер) тәрепинен жайластырылады;

авторлық ҳуқық объектлерин сақлаў жумысын әмелге асырыўшылар (депозитарийлер) тәрепинен объекттиң электрон қадағалаў нусқалары Бирден-бир базаға киргизилгеннен кейин, оны сақлаўға қабыл етилгени ҳаққында ҳүжжет усынылады.

  1. Министрлик:

2022-жыл 1-июльге шекем авторлық ҳуқық объектлериниң электрон қадағалаў нусқаларын Бирден-бир базада сақлаў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

2023-жыл 1-январьға шекем Бирден-бир база ислеп шығылып, енгизилиўин тәмийинлесин.

  1. Министрлик ҳәм оның аймақлық бөлимлерине өзлерине жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў ушын төмендеги қосымша ўәкилликлер берилсин:

мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўындағы нызамшылық ҳүжжетлерин бузғанлығы ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларына ҳәкимшилик жаза қолланыў;

интеллектуаллық мүлк тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын юридикалық тәреплерге жәрийма қолланыў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемлерде жүзеге келген мийнет келиспеўшилигин көриў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиў.

  1. Министрлик жанындағы Ҳуқықый сиясатты изертлеў институтына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

таллаў ҳәм изертлеў өткериў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер ҳәм мәлимлемелерди, соның ишинде, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қолланыў әмелияты ҳаққында зәрүр статистикалық мағлыўматлар, аналитикалық материаллар, ҳүжжетлер ҳәм басқа да мәлимлемелерди мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден бийпул тәризде сораў ҳәм алыў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде нызамшылық ҳүжжетлерин қолланыў әмелияты менен Әдиллик министрлиги менен биргеликте орынларға шыққан ҳалда танысыў;

изертлеў жумысларын әмелге асырыў ушын республиканың жетекши билимлендириў, илимий-изертлеў мәкемелери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлердиң абырайлы билимлендириў ҳәм илимий мәкемелериниң тәжирийбели илимпазлары, басқа да хызметкерлери және экспертлерин шәртнама тийкарында тартыў;

шәртнама тийкарында жумысларды орынлаў ҳәм хызмет көрсетиўден түсетуғын қаржыларды (оларды әмелге асырыў қәрежетлерин шегирип таслаған ҳалда) 80 процентке шекем хызметкерлерди социаллық қорғаў ҳәм материаллық хошаметлеў илажларына бағдарлаў.

  1. Мәмлекетлик шөлкемлердеги илимий, илимий-педагогикалық жумыс пенен шуғылланатуғын илимий дәрежеге ийе хызметкерлерге қосымша ҳақы төлеўге байланыслы хошаметлеў шәртлери Институт хызметкерлерине де енгизилетуғыны белгиленсин.
  2. Министрлик структурасында:

а) басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде:

Халықаралық-ҳуқықый бирге ислесиў басқармасы, Халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлеринде Өзбекстан Республикасының мәплерин ҳуқықый қорғаў басқармасы ҳәм Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў басқармасынан ибарат Халықаралық ҳуқықый бирге ислесиў департаменти;

Социаллық-экономикалық тараўда ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў басқармасы ҳәм Пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларды раўажландырыў басқармасы негизинде Ҳуқықты қолланыў әмелиятын үйрениў басқармасы;

Юридикалық хызметлердиң жумысын муўапықластырыў басқармасы ҳәм Ҳуқықый хызмет көрсетиўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў басқармасы негизинде Ҳуқықый хызмет көрсетиўди тәртипке салыў басқармасы;

Нызам ҳүжжетлерин таллаў ҳәм тайпаластырыў басқармасы ҳәм Тәртипке салыў тәсирин баҳалаў басқармасы негизинде Нызамшылықты системаластырыў ҳәм тәртипке салыў тәсирин баҳалаў басқармасы шөлкемлестирилсин;

б) Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Интеллектуаллық мүлк агентлиги қосып алыныўы мүнәсибети менен босап атырған штат бирликлери шеңберинде:

Мәмлекетлик хызметлер департаменти;

Интеллектуаллық мүлк департаменти дүзилсин.

  1. Министрликтиң жаңадан шөлкемлестирилип атырған структуралық қурамы штатлары биринши гезекте Министрликке қосылып атырған Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәм Интеллектуаллық мүлк агентлиги системасы хызметкерлери есабынан толықтырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Министрлик еки ай мүддетте өндирис ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислерден келип шығып, район (қала)лық әдиллик бөлимлери ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайларының басшыларын лаўазымынан азат етиў ҳәм усы лаўазымды ишки таңлаў тийкарында жоқары маманлық ҳәм жоқары профессионал таярлыққа ийе басқарыў кадрлары менен толықтырыўды тәмийинлесин.

  1. Әдиллик министрине:

Министрликтиң орайлық аппараты, әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң структурасына хызметкерлердиң белгиленген улыўма саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;

зәрүр жағдайларда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келискен ҳалда, Министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм олардың филиалларына қосымша штат бирликлерин енгизиў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, илимий ҳәм билимлендириў мәкемелери, халықаралық шөлкемлер, сырт ел компанияларының жоқары маман қәнигелерин, сондай-ақ, экспертлерди кеңесгөй сыпатында тартыў;

маман сырт ел қәнигелерин жумысқа қабыллаў ҳәм оларға мийнет ҳақысын миллий валютада ямаса сырт елдеги есап бетлерине өткерген ҳалда сырт ел валютасында төлеў ҳуқықы берилсин.

  1. Министрликтиң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

«Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк агентлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк консультатив орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасын Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы «Интеллектуаллық мүлк орайы» мәмлекетлик мәкемеси сыпатында қайта шөлкемлестириў;

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги жанындағы «Мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў илимий-әмелий орайы» мәмлекетлик мәкемесин Әдиллик министрлиги жанындағы «Мәмлекетлик хызметлерди раўажландырыў орайы» мәмлекетлик мәкемеси етип қайта атаў.

«Интеллектуаллық мүлк орайы» мәмлекетлик мәкемеси интеллектуаллық мүлк объектлерин дизимнен өткериўге байланыслы жумысларды, соның ишинде, оларды дизимнен өткериўге байланыслы талаплардың мәмлекетлик экспертизасын ҳәм олар бойынша тийисли мағлыўматлар орайының сақлаўын әмелге асырыўшы арнаўлы ўәкилликли шөлкем болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 3-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Министрлик:

бир ай мүддетте Қаржы министрлиги менен биргеликте усы Пәрманға муўапық Министрликтиң қәрежетлер сметасы ҳәм штатлар кестесине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизсин.

үш ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип әдиллик министри Р.Қ.Давлетов белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Б.Д.Исламовқа жүкленсин.

Әмелге асырылған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында 2022-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизилсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2022-жыл 17-март