16-март күнге өтер ақшамда футбол бойынша Европа Чемпионлар Лигасыныӊ 1/8 финал ойынларынан орын алған еки ушырасыў болып өтти.
Олд Траффордта болып өткен ойында «Манчестер Юнайтед» командасы тәжирийбели тренер Диего Симеоне басқарыўындағы «Атлетико» клубы менен өз-ара күш сынасты.
Бул командалардыӊ Мадридте 1-1 есабында жуўмақланған ойынынан соӊ көплеген футбол жанкүйерлери Манчестердеги жуўап ушырасыўында англиялы клубтыӊ үстинлигин болжаған еди.
Бирақ, «Тоттенхэм» менен болып өткен әжайып ойыннан соӊ өзлерине көбирек исенип кеткен Роналду командасы, тәртип пенен ойнаған «Атлетико»ныӊ қарсы ҳүжимлерине қарсылық көрсете алмай қалды. Атап айтқанда, ойынныӊ 34-минутында Жоау Феликс «Манчестер Юнайтед» қорғаўшыларыныӊ қәтесинен пайдаланып, гол урған еди. Лекин, ҳүжимшиге пас берген Льорентениӊ офсайдта қалып кетиўи нәтийжесинде бул гол есапқа алынбады.
Деген менен, «Атлетико» футболшылары ушырасыўдыӊ 41-минутында жәрийма майданында өзине жолланған топты басы менен «МЮ» дәрўазасына анық жоллап, есаптыӊ ашылыўына еристи.
Буннан соӊ да ойында еки команда да қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди. Олардыӊ бир қаншаларында «Атлетико» дәрўазаманы Ян Облак өз шеберлигин көрсеткен болса, басқаларында футболшыларға азырақ әўмет жетиспеди ҳәм есап 0-1 есабында Испания клубыныӊ пайдасына шешилди.
Солай етип өткерилген еки ойын жуўмағын бола «Атлетико» шерек финалға жолламаны қолға киргизди.
Ал, Нидерландияныӊ «Аякс» ҳәм Португалияныӊ «Бенфика» клублары арасындағы екинши ойында болса, португаллар 0-1 есабында мийманда жеӊиске ерисип, еки ойын жуўмағы бойынша келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы