Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети жуўапкерлериниң қатнасыўында болып өткен баспасөз әнжуманында тараўда әмелге асырылған жумыслар бойынша мағлыўмат берилди.

Атап өтилиўинше, Мәмлекетлик экология комитетине «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде республика бойынша жаңадан егилип атырған тереклер ҳәм путалардың есабын жүргизиў мақсетинде платформа жаратыў, онда тийкарғы итибарды аймақлардың топырақ-климат шараятынан келип шыққан ҳалда нәллер егиў, суў тәмийнатына айрықша итибар бериў, ҳәр бир аймақта биреўден үлгили көшелерди шөлкемлестириў, нәл ярмаркаларын шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар жүкленген еди.

Усы жылдың бәҳәр мәўсиминде 125 миллион нәл ҳәм путалар егилиўи режелестирилген болып, бәҳәр мәўсиминиң ерте келиўи себепли, әсиресе қубла аймақларда нәл егиў илажлары мүддетинен әдеўир алдын басланды. Ҳәзирги күнде 50 миллионнан аслам нәллер егилди. Сондай-ақ, бүгинги күн жағдайына республика бойынша жәми 195 миллионға шамалас нәл резерви таярланған.

Климат шараятына сәйкес нәл таңлаў ҳәм сатып алыўда артықша сергизданлықлардың алдын алыў мақсетинде, район (қала) ҳәкимликлери, экология ҳәм тоғай хожалығының аймақлық басқармалары менен биргеликте 207 арзанластырылған нәл ярмаркалары шөлкемлестирилген.

«Жасыл жыллық» илажы шеңберинде халық билимлендириўи бағдарындағы объектлерде 2 миллион 506 мың, мектепке шекемги билимлендириў объектлеринде 2 миллион 505 мың және денсаўлықты сақлаў объектлеринде 5 миллион 496 мың нәллер егилиўи белгиленген.

Баспасөз әнжуманында жуўапкерлер сатып алынған нәллер ушын хызметкерлердиң мийнет ҳақыларынан услап қалыныўының алдын алыў мақсетинде нәллерди өз ўақтында қаржыландырыў илажларының  көрилетуғынын атап өтти.

Муҳайё Тошқораева,

ӨзА