Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-ноябрьдеги «Спорт-билимлендириў мәкемелериниң жумысын 2025-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-5280-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-апрельдеги ПҚ-5099-санлы қарары менен тастыйықланған Боксти 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясына муўапық, сондай-ақ, қәбилетли спортшыларды профессионал боксшилер сыпатында таярлаў, Олимпиада ойынларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларымыздың жумысын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги системасында Бокс бойынша Баҳодир Жалолов спорт шеберлик мектеби (кейинги орынларда – бокс мектеби) дүзилсин.
  2. Төмендегилер бокс мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

зәрүр спорт инвентарьлары ҳәм үскенелери менен тәмийинленген, заманагөй халықаралық талаплар ҳәм стандартларға жуўап беретуғын материаллық-техникалық және оқыў-шынығыў базаларын жаратыў ҳәм түрли дәрежедеги халықаралық ҳәм регионаллық жарысларда – Олимпиада ҳәм Азия ойынлары, жәҳән ҳәм Азия чемпионатлары, универсиадалар ҳәм басқаларда Өзбекстанның абырайын мүнәсип қорғаўға уқыплы болған халықаралық дәрежедеги боксшилерди таярлаў;

халықаралық дәрежедеги боксшилерди таярлаў ушын жоқары маман қәнигетренерлер, психологлар ҳәм методистлерди, соның ишинде, сырт мәмлекетлерден жетекши қәнигелерди кеңнен тартыў арқалы бокс бойынша тренерлердиң қурамын беккемлеў;

боксшилердиң оқыўшынығыў процесин халықаралық стандартлар дәрежесинде шөлкемлестириў, алдынғы тәжирийбени есапқа алған ҳалда, оқыў-шынығыў процесслерине ең жаңа илимий-методикалық технологияларды енгизиў жолы менен оларды теориялық ҳәм техникалық-тактикалық жақтан таярлаў сапасын турақлы арттырып барыў;

боксшилердиң профессионал пазыйлетлерин раўажландырыў, сондай-ақ, боксти раўажландырыўдың халықаралық талапларына муўапық ҳалда Өзбекстан миллий сайланды командаларына жоқары шебер боксшилерди таярлаў;

жас перспективалы боксшилерди таңлаў ҳәм тәрбиялаў бойынша болаларжас өспиримлер спорт мектеплери, қәнигелестирилген балаларжас өспиримлер спорт мектеплери, олимпиада ҳәм спорт түрлерине қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепинтернатлары, олимпиада ҳәм паралимпия резервлери колледжлери, бокс бойынша жоқары спорт шеберлик мектеплери, спорт жеке гүреслери бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлик мектеби ҳәм басқа да спорт-билимлендириў мәкемелери менен үзликсиз бирге ислесиўди әмелге асырыў;

бокс бойынша миллий сайланды командалар ҳәм олардың резервлериниң қатнасыўында оқыў-шынығыў жыйынлары, республикалық ҳәм регионаллық спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм турақлы түрде өткерип барыў, тренерлер ҳәм боксшилердиң кәсиплик шеберлик дәрежесин арттырыў ушын тәжирийбе алмасыў бойынша сырт ел бокс мектеплери, клублары ҳәм орайлары менен бирге ислесиўди раўажландырыў.

  1. Бокс мектеби өз жумысын Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 2-июньдеги «Спорт түрлери бойынша қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепинтернатларының жумысын жетилистириў ҳаққында»ғы 410-санлы қарарында белгиленген тәртипке муўапық әмелге асыратуғыны, соның ишинде, юридикалық тәреп статусына ийе болған қәнигелестирилген улыўма билим бериў мәмлекетлик спортбилимлендириў мәкемеси есапланатуғыны:

бокс мектеби өз жумысын 2022-2023-оқыў жылынан баслайтуғыны;

бокс мектеби оқыўшыларының улыўма контингенти жәми 175 ти қурап, олар 5-11-класс оқыўшыларынан ибарат болатуғыны;

бокс мектеби оқыўшыларын улыўма билим бериў бағдарламалары бойынша оқытыў оларға ең жақын жайласқан улыўма орта билим бериў мектеплеринде әмелге асырылатуғыны;

бокс мектеби оқыўшыларын жасаў ушын үскенелер, суткалық азықаўқат нормасы, спорт кийимлери менен инвентарьлары, форма менен тәмийинлеўде жоқары шеберлик мектеплериниң нормативлери енгизилетуғыны;

бокс мектеби оқыўшыларын бийпул (жеңиллетилген) аўқатландырыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын атааналар төлеми өндирилмейтуғыны ҳәм оқыўшылар толық Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан азық-аўқат менен тәмийинленетуғыны;

бокс мектеби директоры, онық орынбасарлары, тренер-муғаллимлер, инструктор-методистлер, тәрбияшылардың мийнетине ҳақы төлеў ҳәм мектеп директорының руўхый-ағартыўшылық жумыслар бойынша орынбасары ҳәм тәрбияшылардың мийнетин хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Халық билимлендириў хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 275-санлы қарарына муўапық;

бокс мектебиниң директоры, оның оқыў ҳәм спорт ислери бойынша орынбасары, тренер-муғаллимлер, инструктор-методистлер, медицина хызметкерлериниң мийнетин хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги «Спорт мектеплериниң жумысын ҳәм спорт мектеплериниң тренерлери ҳәм қәнигелериниң мийнетин материаллық хошаметлеў  системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы 211-санлы қарарына муўапық;

бокс мектебиндеги медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Медицина хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 276-санлы қарарына муўапық әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер бокс мектебин қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

жумыс қәнигелиги бойынша товарларды (жумысларды, хызметлерди) реализациялаўдан ҳәм мектептиң уставындағы ўазыйпаларға муўапық болған басқа да жумыс түрлеринен алынған дәраматлар;

тийкарғы шынығыўлар өткерилмейтуғын ўақытта бос турған мүлкти ижараға бериўден түскен дәраматлар;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов):

а) үш ай мүддетте:

бокс мектебиниң уставын тастыйықлаў, сондай-ақ, белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткериў;

бокс мектебин заманагөй педагогикалық технологияларды ийелеген маман педагог кадрлар ҳәм тренерлер менен басқышпа-басқыш толықтырыў илажларын көрсин;

б) Өзбекстан Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан бокс федерациясы менен биргеликте бокс мектебинде спортшыларды таярлаў сапасы бойынша турақлы мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырсын;

в) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бокс мектебиниң басқарыў, техникалық, хызмет көрсетиўши ҳәм оқыў-жәрдемши хызметкерлериниң штат кестесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

г) Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшыларын бокс мектебинде шуғылланыў ушын тартыў илажларын көрсин.

  1. Спортты раўажландырыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Қурылыс министрлиги ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги 2022-жыл 1-августқа шекем Ташкент қаласы, Юнусабад районы, 9-кварталда жайласқан 259-санлы улыўма орта билим бериў мектеби аймағында заманагөй бокс мектебиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм үскенелениўин тәмийинлесин.

Бокс мектебин шөлкемлестириў ҳәм үскенелеў ушын Мәмлекетлик бюджеттен жәми 25 миллиард сум қаратылсын.

Министрлер Кабинети Спортты раўажландырыў, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағыллықты қысқартыў, Қаржы министрликлери менен биргеликте усы бәнттиң талапларынан келип шығып 2022-2024-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасының тийисли параметрлерин қайта көрип шықсын.

  1. Қурылыс министрлиги (Б.Закиров) бокс мектебиниң жойбарлаў ҳүжжетлери ислеп шығылыўында ең оптимал ҳәм техникалық шешимлердиң қолланылыўын, мектепти инновациялық технологияларға тийкарланған, арзан, энергия үнемлейтуғын ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў, ықшам ҳәм экологиялық қәўипсизлик талапларына муўапықлық бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин комплексли экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен турақлы мәмлекетлик архитектура-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
  2. Қаржы министрлиги бокс мектебиниң жумысын сақлаўға байланыслы зәрүр қаржыларды 2022-жыл республикалық бюджетте нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде, 2023-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин.
  3. Спортты раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими Ж.А.Артикходжаев белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 14-март