Қараөзек районында спорттың  “өзбек жаўынгерлик өнери” нен Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Жарысқа республикамыздыӊ барлық қала ҳәм районларынан 70 тен аслам спортшылар қатнасты.

Қызғын беллесиўлерге толы болған жарыс жуўмағында Қараөзек районы командалық есапта I-орын, Әмиўдәрья районы II-орын, Нөкис районы III-орынларды жеңип алды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы туризм ҳәм спорт бас басқармасы тәрепинен таярланған дипломлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы