10-март күни футбол бойынша Европа Лигасыныӊ 1/8 финал ойынлары болып өтти.

Онда Испанияныӊ «Барселона» клубы Түркияныӊ «Галатасарай» футболшылары менен өз-ара күш сынасты.

«Барселона»ныӊ толық үстинлиги менен өткен бул ойын жуўмағында есап ашылмады. 0-0.

Бул «Барселона»ныӊ орта дәрмиян клубқа айланып баратырғанлығын көрсетеди.

Енди командалар 17-март күни Түркияда болып өтиўи тийис жуўап ойынында шерек финал жолламасы ийесин анықлап алады. Еслетип өтемиз, буннан алдын «Барселона» футболшылары «Наполи» клубынан еки ойын нәтийжесине бола 5-3 есабында үстин келип, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизген еди.

Сондай-ақ, усы күни  «Севилья»  «Вест Хэм» ди 1:0,  «Аталанта»   «Байер» ди 3:2, «Рейнжерс»  «Црвена Звезда»ны 3:0, «Брага»  «Монако»ны 2:0 есабында жеӊип шығыўға еристи.

Ал, Москваныӊ «Спартак» ҳәм Германияныӊ «Лейпциг» клублары арасындағы ойын УЕФА ныӊ арнаўлы қарары менен бийкар етилди.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы