Наўайы қаласындағы «Фарҳад» мәденият сарайында Наўайы кән-металлургия комбинаты шөлкемлестирилгениниң 65 жыллығына бағышланған салтанатлы илаж болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң система пидайыларына жоллаған байрам қутлықлаўын Бас министр Абдулла Арипов оқып еситтирди.

Байрам қутлықлаўында атап өтилгениндей, 40 тан аслам миллетке тийисли дерлик 50 мың жоқары тәжирийбели жумысшы, инженер ҳәм қәниге мийнет етип атырған бул комбинат ҳәм 3 жыл алдын оның қурамынан ажыралып шыққан «Наўайыуран» кәрханасы миллий санаатымыз мақтанышы, десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Кейинги жыллары тараўдың раўажланыўына қаратылып атырған үлкен итибар ҳәм өндириске заманагөй технологиялар жедел енгизилип атырғаны себепли комбинат алтын ислеп шығарыў бойынша жетекши сырт ел компанияларының арасында 7-орыннан 4-орынға көтерилди. «Мурынтаў» кәни болса халықаралық рейтинглерде жоқары дәрежелерди ийелеп келмекте.

Қысқа мүддетте комбинатта 23 ири инвестиция жойбары, соның ишинде, 5,6 ҳәм 7-гидрометаллургия заводлары, 2-гидрометаллургия заводының екинши гезеги иске қосылып, 15 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылғаны дыққатқа ылайық.

Мине, усындай, ҳәрекетлер нәтийжесинде быйыл алтын ислеп шығарыў көлеми 2016-жылға салыстырғанда 25 процентке, тәбийғый уран 20 процентке, гүмис болса 46 процентке артқанын айрықша атап өтиў керек.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан уран қазып алыў бойынша дүньяда 5-орынды ийелеп келмекте. «Наўайыуран» мәмлекетлик кәрханасы өз өнимин жүз процент экспортқа бағдарламақта.

Локализациялаў бағдарламасы шеңберинде жаңа қуўатлықлар ушын зәрүр әсбап-үскенелер аймақтың өзинде ислеп шығарылмақта.

Тек ғана Наўайы машина қурылысы заводында жылына орташа 15 мың түрден аслам импорт орнын басатуғын өнимлер таярланып атырғаны оны тастыйықлайды.

Тараў ушын маман инженер кадрлар жеткерип бериў мақсетинде Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетиниң материаллық-техникалық базасы ҳәм илимий-педагогикалық потенциалы беккемленбекте.

Қурамалы технологиялық процесслерди тийкарынан мине, усындай жоқары оқыў орынларымызда билим алған күш-ғайратлы жасларымыз басқарып атырғаны ҳәммемизди қуўандырады.

Илажда мәмлекетимиз басшысының тийисли пәрманы менен сыйлықланған тараў белсендилерине сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов салтанатлы түрде тапсырды.

– 30 жылдан берли кәншилик мийнет етип келмектемен,-дейди «Наўайы кән-металлургия комбинаты» акционерлик жәмийетиниң Орайлық кән басқармасы цех баслығы Йўлдош Ғаниев. – Быйылғы 65 жыллық байрам мен ушын қосалақ байрамға айланды. Елбасшымыздың пәрманы менен «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен санаат хызметкери» ҳүрметли атағының ийеси болдым. Бул жоқары сыйлық маған мақтаныш бағышлады.

Кән-металлургия тараўы мәмлекетимизде экономика раўажланыўының әҳмийетли тийкарыларынан бири сыпатында өз орнын беккемлеп, жедел раўажланып атырғанын атап өтиў керек. Соңғы жыллары санаат кәрханаларын модернизациялаў, өндиристи техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў бойынша жедел инвестициялық процесстиң әмелге асырылып атырғаны «Наўайы кән-металлургия комбинаты» акционерлик жәмийетиниң жумысында да түпкиликли бурылыс, экономикалық раўажланыў дәўирин баслап берди, десек ҳасла қәте болмайды. Соның менен бирге ири санаат кәрханасында кадрлар потенциалын жоқарылатыў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўға үлкен итибар қаратылмақта. Жумысшы-хызметкерлер сырт еллердиң ири кәрханаларында тәжирийбе арттырып киятырғаны ҳәм тәжирийбелерин әмелиятта қолланып атырғаны болса кәрхананың раўажланыўында әҳмийетли роль атқармақта. Ҳәзирги күнде Наўайы кән-металлургия комбинаты алтын ислеп шығарыў бойынша дүньяның 10 ири санаат кәрханасынан бирине айланғанлығы да елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжеси болып есапланады.


























Салтанатлы илажда ўәлаят ҳәкими Нормат Турсунов, «НКМК» АЖ басқарма баслығы – Бас директоры Қуўандық Саноқулов шығып сөйлеп, система хызметкерлерин қутлықлады.

Илаж Ташкент қаласынан келген көркем өнер шеберлери ҳәм «Фарҳад» мәденият сарайының көркем өнер жәмәәтлери тәрепинен таярланған нама-қосықлар менен даўам етти.

Абдували БЎРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы