21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни

«Өзбекстан» халықаралық әнжуманлар сарайында 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинети, Олий Мажлис Сенаты, Нызамшылық палатасының ўәкиллери, ҳәр қыйлы уйым ҳәм шөлкемлер, министрликлердиң жуўапкерлери, профессор-муғаллимлер, илимпазлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, руўхыйлық үгит-нәсиятшылары, студент-жаслар қатнасты.

Қатнасыўшылар дәслеп сарай фойесинде шөлкемлестирилген ана тилимиздиң абырайы, өзбек тилиниң дәрежесин жоқарылатыў бағдарында алып барылып атырған жумысларды көрсетиўши көргизбе менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң 21-октябрь – Өзбек тили байрамы күни мүнәсибети менен Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўын Президент кеңесгөйи – спичрайтер Хайриддин Султанов оқып еситтирди.

Атап өтилгениндей, ана тилимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеминдегидей абырайлы структура минберинен жаңлаўы өзбек тилиниң дүнья көлеминдеги абырайы ҳәм дәрежесиниң күн сайын жоқарылаўында, жанажан тилимизди үйрениўге болған қызығыўшылықтың артыўында тийкарғы фактор болмақта.

Ҳақыйқатында да, ана тилимиз бизиң барлығымыз, миллет, мәмлекет, бирден-бир халық сыпатындағы бирлигимиздиң өзине тән айнасы болып есапланады. Мәмлекет турмысындағы жаңаланыў процесслери ана тилимиздиң раўажланыўына қаратылып атырған үлкен итибар ҳәм ғамхорлықта да өзиниң анық көринисин таппақта. Президентимиздиң басламасы менен ана тилимиздиң раўажланыўына байланыслы миллий нызамшылығымыз және де жетилисти. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбек тилин раўажландырыў қоры жемисли жумыс алып бармақта. Бул структура ана тилимизди кеңнен үгит-нәсиятлаў, оны үйрениў, өзбек тилиниң раўажланыўына байланыслы барлық жумысларды нәтийжели жолға қойыўға байланыслы ҳәр қыйлы жойбарлар, китап ҳәм сөзликлер басылымы, тилди үгит-нәсиятлаў бойынша жанкүйерлик көрсетип атырған устазларды хошаметлеў бойынша системалы жумысларды алып бармақта. Барлық министрлик ҳәм уйымлар, шөлкемлерде жумыс алып барыў процеси толық ана тилимизде алып барылмақта.

Мәмлекетимиздеги жетекши илимий мәкемелер, орайларда, сондай-ақ, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде өзбек тилин тек ғана мәмлекетимизде емес, ал дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Ең тийкарғысы, 21-октябрь тек ғана ана тили ҳәм әдебияты муғаллимлери ямаса өзбек тилтаныўшы илимпазлары емес, ал пүткил халқымыздың тилеклеслиги, ийгиликли ағартыўшылық умытылысларының айнасына айланды.

– Мине, бир неше жылдан берли, мәмлекетимизде 21-октябрь халықшыл түрде, ҳақыйқый байрам сыпатында белгиленбекте,-деди Өзбекстан халық шайыры Махмуд Тайыр. – Ана тилимизди қәстерлеп сақлаў ҳәр бир пуқараның миннети екенин адамлар шын кеўилден түсинбекте. Мәмлекетимиз басшысының байрам мүнәсибети менен Өзбекстан халқына жоллаған қутлықлаўында бул бағдардағы жуўапкершиликли ўазыйпалар жәмленген.

– Бул сәне кең көлемде, тил ҳәм руўхыйлық, әдебият, китапқумарлық байрамы сыпатында белгиленип атырғаны қуўанышлы,-деди Ташкенттеги 274-улыўма билимлендириў мектебиниң ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Лола Турдиқулова. – Бул сәне ана тилимизди сақлаў жолында барлығымыз бирдей жуўапкер екенимизди билдиреди. Президентимиздиң байрам мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында да бул бағдардағы ўазыйпалар анық белгилеп берилген. Ҳәр биримиздиң өзимизге, өзлигимизге болған ҳүрметимиз тилге болған мүнәсибетимиз бенен белгиленеди.

Салтанатлы илажда Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, шайыр Эшқобил Шукур ана тилимизге бағышланған жаңа қосығын оқып берди. «Өзбек тили жилўалары» атамасындағы видокөринис арқалы ана тилимиздиң раўажланыўы жолында мийнет еткен устаз жазыўшы ҳәм шайырлар, көркем өнер ғайраткерлериниң дөретиўшилигинен үлгилер сәўлелендирилди. Мәмлекетимизде жасап атырған ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери өзбек тилиниң өз өмири ҳәм тәғдиринде, жетискенликлерге ерискениндеги әҳмийети ҳаққында айтып берди. ^лкен монитор арқалы ҳәр қыйлы мәмлекетлерде өзбек тилин изертлеп атырған илимпазлар, тилтаныўшы қәнигелер ана тилимизге болған ҳүрметли қатнасын онлайн форматта билдирди.

Концертте ана тилимиздиң тартымлылығын көрсетип бериўши төртликлер, дилбар нама-қосықлар атқарылды. Ҳақыйқатында да бул байрам миллийлигимиз, өзлигимиз, жаңаланып атырған Өзбекстанымыздың руўхый көриниси сыпатында турмысымыздан беккем орын алған әййям болып есапланады.

Салтанатлы илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов қатнасты.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның  хабаршысы