Усы жылдың 23-24-октябрь күнлери Самарқанд қаласында биринши мәрте Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң инсан ресурсларын раўажландырыўға жуўапкер уйымлар басшыларының II мәжилиси болып өтеди.

Бул илаж мәмлекет хызметине талантлы шахсларды тартыў ҳәм басшы кадрлар резервин қәлиплестириў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў бойынша пикирлесиў платформасы болып хызмет етеди.

Онда мәмлекетимиз ҳәм Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден 30 ға шамалас қатнасыўшы қатнасыўы күтилмекте.

Сөйлесиў даўамында:

– Кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекет хызметиндеги заманагөй трендлер, жаңа идеялар ҳәм қатнаслар додаланады;

– Басшы кадрлар резервин қәлиплестириў ҳәм оның менен нәтийжели ислесиў бойынша алдыңғы тәжирийбелерди таныстырыўлар шөлкемлестириледи;

– Талантлы шахслар, атап айтқанда, жасларды мәмлекет хызметине кеңнен тартыў бойынша өз-ара тәжирийбе алмасады;

– Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң инсан ресурсларын раўажландырыўға жуўапкер уйымлары арасында турақлы бирге ислесиў жолға қойылады.

ӨзА