Жәмийет мүтәжликлери ушын ғалаба сервитут белгилениўди ҳуқықый жақтан тәртипке салыў зәрүрлиги жүзеге келген.

“Жер ҳаққындағы нызамшылықтыӊ жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ вйырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам менен усы машқала сапластырылмақта.

Сенатта мақулланған бул нызам тийкарында жәмийет мүтәжликлери ушын басқаныӊ жер участкасынан шекленген тәризде пайдаланыў ҳуқықы (ғалаба сервитут) қандай мақсетлерде алыныўы белгиленбекте. Басқа мақсетлерде ғалаба сервитут белгилеў қадаған етилмекте.

Әмелде ижара қатнасықларыныӊ объектине болған ҳуқық ҳәм миннетлемелерди басқа шахсқа өткериў (қайта ижараға бериў) тәртиби белгиленбеген еди.

Енди нызам менен ижара қатнасықларыныӊ объектлери бойынша ҳуқық ҳәм миннетлемелер ижараға бериўшиниӊ келисими менен ижараға алыўшы тәрепинен басқа шахсқа өткерилиўи (қайта ижараға берилиўи) мүмкин. Буған аўыл хожалағына мөлшерленген жер участкалары кирмейди.

Бүгинги күнде жер участкаларын ижараға алыў шәртнамасын жаӊа мүддетке созыўзәрүрлиги бар еди.

Енди Сенат тәрепинен мақулланған нызам менен ижараға алыў шәртнамасы мүддети таўсылғаннан кейин жаӊа мүддетке шәртнаманы созыўда ижарашы алдынғы шәртнамада көрсетилген талапларды зәрүрли дәрежеде орынлаған болса, басқа шахсларға салыстырғанда үстин хуқыққа ийе болыўы Жер кодексине киргизилмекте.

Сенаторлар усы нызамныӊ келешекте күшке кириўи ижара қатнасықларды және де кеӊейиўине, сервитут белгилеўге байланыслы қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўға, жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар, жер участкалары ҳәм мүлк ийелериниӊ ҳуқықлары исенимли қорғалыўына хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Н.Абдураимова, ӨзА