Тошкент – Нью-Йорк – Тошкент йўналишида илк узлуксиз парвоз

Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропорты 28-июль күни және бир тарийхый ўақыяның гүўасы болды. 27-июль күни пайтахт ҳаўа бәндиргисинен ҳаўаға көтерилген Ташкент – Нью-Йорк – Ташкент жөнелисиндеги «Boeing-787 Dreamliner» самолёты дәслепки үзликсиз пәрўазын табыслы әмелге асырып, Ташкентке қайтып келди.

«Өзбекистан ҳаўа жоллары» самолётлары паркиниң «Boeing-787 Dreamliner» лайнерлери менен толықтырылыўы оны бийбаҳа авиапаркке айландырды. Дүнья авиатасыўлар базарындағы талап ҳәм жағдайдан келип шығып, миллий авиакомпания хаўа флоты узақ ҳәм жақын жөнелислерде бирдей нәтийжели жумыс алып бармақта.

«Арзыў лайнери»ниң коммерциялық эксплуатациясы 2016-жыл сентябрь айынан басланды. Дәслепки халықаралық пәрўазды Қазақстанның Алмаата қаласы менен баслаған лайнерде бүгинги күнде Дубай, Дели, Амритсар, Стамбул, Тель-Авив, Сеул, Франкфурт, Москва, Куала-Лумпур, Сингапур, сондай ақ, Рига арқалы Нью-Йоркқа авиақатнаўлар әмелге асырылмақта.

Өткен қысқа дәўирде ушыўшыларымыз тәрепинен заманагөй ҳаўа кемесин басқарыў бойынша жыйнаған тәжирийбеси халықаралық экспертлер тәрепинен жоқары баҳаланбақта. «Boeing» корпорациясы тәрепинен ушыўшыларымыздың кәсиплик шеберлиги ҳәм «Өзбекистан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясы лайнерлериниң исенимлилик дәрежеси жоқары баҳаланып, арнаўлы сертификат пенен тәмийинленгени пикиримизди дәлиллейди.

Ташкент-Нью-Йорк-Ташкент жөнелисинде тиккелей пәрўазлардың жолға қойылыўы миллий авиакомпанияның раўажланыўында жаңа дәўир басланғанынан дәрек береди. Усы жөнелисте «Арзыў лайнер»лериниң эксплуатацияланыўы Нью-Йоркқа әмелдегиден бир саат бурын жетип барыў имканиятын береди. «Dreamliner» де Нью-Йорк қаласына әмелге асырылатуғын үзликсиз пәрўаз дерлик 12 cаатты, Ташкентке қайтыў болса, 11 саатты қурайды.

Усы әҳмийетли ўақыяға миллий авиакомпанияда пуқта таярлық көрилди. «Boeing-787» отрядының ушыўшылары тренажёр таярлықты Лондон менен Шанхайда, жер үсти шынығыўларын Ташкенттеги Оқыў-шынығыў орайында атқарды. Авиакомпания қәнигелери тәрепинен АҚШ аймағына кириў-шығыў талаплары үйренилди.

Нью-Йоркқа тиккелей қатнаўды миллий авиакомпанияның экипажы – Ушыўшылар комплекси директорының орынбасары Сергей Ким, авиакопанияның бас штурманы Станислав Гурфинкель, «Boeing-787» ушыўшылар отрядының командири Асаджон Турсунов, екинши ушыўшылар Рустам Курганов ҳәм Олимжон Узоқов әмелге асырды. Ташкентке қайтыўда «арзыў лайнери»н самолёт командири Павел Маргачёв, «Boeing-787» ушыўшылар отрядының ушыўшы-инструкторы Алексей Маркин ҳәм екинши ушыўшы Улығбек Эшмаҳамедов басқарды.

– Бизлер бул пәрўазға узақ ўақыт таярлық көрдик, – дейди самолёт командири П.Маргачёв. – Нәтийжеде Нью-Йорк-Ташкент рейси табыслы әмелге асырылып, пәрўаздың ўақты 11 саат 20 минутты қурады.

Ташкент-Нью-Йорк-Ташкент жөнелисиниң дәслепки үзликсиз пәрўазы жолаўшылар тәрепинен жоқары баҳаланды.

– Сапарға шығыўда алдын бираз албырадық. Себеби,  усы ўақытқа шекем бир мәрте де Нью-Йорктан Ташкентке тиккелей ушпаған едик, – дейди Нигина Набиева. – Бирақ, миллий авиакомпаниямыз экипаж ағзаларының жоқары шеберлиги себепли сапарымыз қәўипсиз, исенимли өтти.

– Бул рейсти тек ғана биз емес, ал Атлантика океанының ҳәр еки тәрепиндеги оғада көплеген адамлар интизарлық пенен күткен еди, – дейди Одил Остонақулов. – Усындай үлкен имканиятты жаратып бергени ушын мәмлекетимиз басшысына, «Өзбекистан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясына үлкен миннетдаршылық билдиремиз.

Бүгинги күнде еки заманагөй «Boeing-787 Dreamliner»  самолётын эксплуатациялап атырған миллий авиакомпания парки 2019-жылға шекем және төрт «арзыў лайнери» менен толықтырылыўы Өзбекистан пуқаралық авиациясының жәҳән авиабазарында исенимли ҳәм турақлы авиатасыўшы абыройын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Б.БОЗОРОВ,

ӨзАның хабаршысы