Тахтакөпир районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлимине бүгинги күнде 8 мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм 6 филиал қараслы болып, оларда 143 педагог хызметкерлер балаларға тәлим-тәрбия берип келмекте.

Билимлендириўде бирге ислесиў бағдарламасы тийкарында Жәҳән банки тәрепинен 4-,9-, 10-мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде қысқа мүддетли топарлар шөлкемлестирилди. Олар 2  мезгилде жумыс ислеп, ҳәр бир мезгилге 25 баладан 179 бала қамтылған.

Президентимиздиң 15-16-декабрь күнлери республикамызға болған сапарында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў бойынша баслы ўазыйпалар ҳәм жеңилликлер белгилеп берилди.  Бул жылды Қарақалпақстан Республикасында мектепке шекемги билимлендириў жылы деп атап өтти, – дейди Тахтакөпир районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығы Мияссар Алламбергенова. – Районымызда мәмлекетлик жеке меншик шериклик тийкарында 4 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси шөлкемлестириў режелестирилмекте. Ҳәзирде қурылыс оңлаў жумыслары алып барылмақта. Сентябрь айында пайдаланыўға тапсырылады. Олардың жумыслары белгиленген реже тийкарында әмелге асырылмақта. Бала санының кескин көбейиўи нәтийжесинде аймақлардағы мектеп имаратларынан бос класслардан пайдаланған ҳалда аймақтағы 5-6 жастағы балаларды мектепке таярлаў мақсетинде қысқа мүддетли топарлар шөлкемлестирилди.

Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде балалардың азық-аўқатлық затлары менен тәмийинлеў бойынша 23 атамадағы өнимлер менен тәмийинлеў орайласқан ҳалда жолға қойылды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы