Қәдирли ўатанласлар!

Ҳүрметли Татьяна Акбаровна!

Әзиз Қашқадәрья халқы!

Усы күнлерде елимизде уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, ғәрезсиз Өзбекистан мәмлекетиниң тийкарын салыўшы, Биринши Президентимиз ҳүрметли Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың 80 жыллығы кеңнен белгиленбекте.

Усы мүнәсибет пенен елимиздиң барлық қалалары менен аўылларында, мийнет жәмәәтлеринде, билимлендириў орынларында юбилей илажлары өткерилмекте.

Бүгин әййемги ҳәм гөззал Қаршы қаласында Биринши Президентимиз Ислам Кәримов естелигиниң ашылып атырғаны, тегиннен емес, әлбетте. Бәршемиз, әсиресе, сиз, әзизлер бир ҳақыйқатты жақсы билесиз, деп ойлайман: Ислам Әбдиғаниевич Қашқадәрьяны, оның мәрт ҳәм жоқары мәртебели халқын айрықша меҳир менен сүйетуғын, усы топырақты Ўатан ишинде ўатаным, деп ардақлайтуғын еди.

Биринши Президентимиздиң сиясий жумысының умытылмас бетлери әне усы топырақ пенен байланыслы екенин жақсы билемиз. Ол инсан жақын тарийхымыздың ең қыйын ҳәм машақатлы дәўиринде – 1986-1989-жылларда Қашқадәрья ўәлатына басшылық етти.

Тарийхта «пахта иси», «өзбек иси» деп аталған сиясий мапазлардан ең көп азап шеккен Қашқадәрья ўәлаяты ушын Ислам Әбдиғаниевичтиң басшы болып келиўи Жаратқанның бийбаҳа инамы болған еди.

Ҳәр қыйлы зулымлықлар ҳәм репрессиялар ҳәўиж алған сол қыян-кести заманда ол инсан өз өмирин қәўип-қәтерге қойып, шын мәнисинлдеги мәртлик ҳәм жигерлилик пазыйлетлерин көрсетти.

Ислам аға мың-мыңлаған гүнасыз инсанларды зулымлық қысымынан қутқарып алғанын Қашқадәрья халқы ҳеш қашан умытпайды.

Мийнеткеш ҳәм мәрт бул халық Ислам Әбдиғаниевичти өзиниң перзентиндей қабыл етип, оған дуз-несийбе бергени, азатлық ҳәм әдиллик жолындағы гүреслерде оған қол-қанат болғаны – ол да бир ҳақыйқат.

Ислам аға Қашқадәрьяға келсе, өз үйине келгендей, бул жердеги адамларды көргенде, ең жақын қәдирданларын көргендей жайнап-жаснап кететуғынына бәршемиз көп мәрте гүўа болғанмыз.

Уллы Жолбасшымыз Қашқадәрья – бул Алланың нәзери түскен ел, Өзбекистанның бийбаҳа байлықларға ийе ғәзийнеси, деп тәрийплейтуғын еди. Қашқадәрья халқын болса, ҳәр қандай шараятта да исениўге болатуғын, мийрим-шәпәәтлиликти ҳәм инсаныйлықты орнына қоятуғын жигерли ҳәм мәрт халық, деп қәдирлейтуғын еди.

Чироқчидағы әпиўайы шопаннан баслап, Шаҳрисабздеги шебер усталарға шекем, Мубаректеги газшилер, Ғузордағы мийнеткеш фермерлерден баслап, Қамашыдағы палўанлар, Дийқанабадтағы бақсыларға шекем – ҳәммеси Ислам ағаның кеўлине жақын ҳәм қәдирли еди.

Ол инсан сиз, әзизлердиң жақсы пазыйлетлериңиз ушын бәрқулла миннетдар болып жасады. Жақсылықтың қәдирине жететуғын Қашқадәрья халқы да өзине ҳәмийше ийинлес болған, усы жерге уллы перзентлик меҳри менен жасаған Ислам Кәримов пенен ҳәмийше мақтанады.

Сизлер менен 2016-жылы 16-ноябрьде, Президент сайлаўы қарсаңында болған ушырасыўда Қаршы қаласында Биринши Президентимиздиң естелигин тиклеў туўралы келисип алған едик.

Бүгин әне, усы жақсы нийетимиз әмелге аспақта. Ислам Әбдиғаниевичтиң усы қутлы орында ашылып атырған уллы тулғасында ол инсанның өзи сүйген Қашқадәрья жерине жоқары меҳири менен итибарын көрип, сезип турмыз.

Биринши Президентимиздиң Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында қурылған саўлатлы естеликлери бүгинги күнде ўатанласларымыз ушын қутлы зыярат етиў орнына айланды.

Бүгин Қаршы қаласында ашылып атырған саўлатлы естелик те Қашқадәрья халқы, пүткил ел-халқымыз үлкен меҳир ҳәм ҳүрмет пенен талпынатуғын теберик орайға айланады.

Әзиз дослар!

Ислам Әбдиғаниевич Қашқадәрья ўәлаятын Өзбекистанның раўажланған регионларынан бирине, Қаршы ҳәм Шаҳрисабзди дүньядағы ең гөззал теберик қалаларға айландырыўды қәлейтуғын едим.

Әне, усы уллы мақсетти әмелге асырыў ушын ғәрезсизлик жылларында Биринши Президентимиздиң басшылығында оғада көп жумыслар исленди. Әсиресе, Шортан газ-химия комплекси, Дийқанабад калийли төгинлер заводы, Тошгузар-Бойсун-Қумқўрғон темир жолы сыяқлы бийбаҳа объектлер әйне Ислам Кәримовтың аты менен байланыслы екенин бәршемиз терең миннетдаршылық пенен еслеймиз.

Биринши Президентимиздиң басламасы менен Қаршы ҳәм Шахрисабз қалаларының 2700 жыллық, Саҳыбқыран Әмир Темур бабамыздың 660 жыллық тарийхый сәнелери халықаралық көлемде кеңнен белгиленди.

Ол инсан қол қойған тарийхый қарарға муўапық, Қашқадәрья халқы пүткил халқымыздың пидәкерлик мийнети менен Шаҳрисабз қаласында оғада үлкен дөретиўшилик жумыслардың әмелге асырылғаны сизлерге жақсы белгили. Қашқадәрья ўәлаятында бул жумыслар ҳәзирги күнде және де кең көлемде даўам еттирилип, жаңа басқышқа көтерилмекте.

Ўәлаят аймағында онлаған заманагөй кәрханалар, жоллар менен көпирлер, жаңадан-жаңа билимлендириў, медицина, мәденият ҳәм спорт объектлери қурылмақта. Әсиресе, Қаршы-Шаҳрисабз жөнелисинде жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын поездлар қатнаўын жолға қойыў Абу Муъин Насафий бабамыздың естелик комплексин қурыў, усы жылдың гүз айында Шаҳрисабзде халықаралық мақам әнжуманын өткериў ҳәм басқа да үлкен жойбарлар бойынша жедел жумыс алып барылмақта.

Бундай үлкен жумыслардан халқымыз разы болады, ҳүрметли Ислам Абдуғаниевичтиң руўхы шад болады, деп ойлайман.

Ҳүрметли салтанатлы мәресим қатнасыўшылары!

Биринши Президентимиз дәслепки мәрте 1986-жылы – елимиздиң аспанын қара булт қаплаған қыян-кести бир пайытта Қашқадәрьяға келген еди. Сол дәўирден баслап өмириниң соңғы күнлерине шекем усы қайыр-сақаўатлы дияр ҳәм оның жоқары мәртебели халқы менен бирге болды.

Әзиз Елбасшымымыздың ўәлаятларымызға еткен соңғы сапары да әйне Қашқадәрья үлкесине болған еди. Онда да оғада үлкен мәнис бар, деп ойлайман.

Бүгин ашылып атырған саўлатлы естелик тымсалында Ислам Абдуғаниевич өзи ушын оғада қәдирли болған Қашқадәрья халқына тынышлық-аманлық, ығбал-бахыт тилеп, мисли усы қутлы жерге перзентлик меҳри менен бас ийип атырғандай сезиледи.

Арадан жыллар, әсирлер өтеди, бул саўлатлы естелик ҳәммемиз, әсиресе, жасларымыз ушын халқымызға ҳәм Ўатанымызға садықлық пенен хызмет етиў символы болып қалады, Қашқадәрья халқын уллы шеклерге шақырып турады. Пурсаттан пайдаланып, усы гөззал ҳәм бийтәкирар комплексти қурыўда қатнасқан скульптурлар менен архитекторларға, қурылысшыларға, бул жумысқа үлес қосқан барлық инсанларға, пүткил Қашқадәрья халқына терең миннетдаршылық билдиремен.

Ғәрезсиз Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған Қашқадәрья дияры бәрҳама гүллеп-жайнасын!

Ислам Абдуғаниевич сыяқлы мәрт ҳәм пидайы инсанларды тәрбиялап өсирген халқымыз ҳәмийше аман болсын!

Уллы устазымыздың ақыретлери абат болсын!

Сизлерге және бир мәрте үлкен рахмет!