5-июль күни Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт еллер менен дослық байланыслар комитети баслығының орынбасары А.Хаджаев республикамыздағы миллий-мәденият орайларының басшылары менен ушырасты.

Илажда пуқаралықты бериў, үзликсиз билимлендириў, шегарадан өтиў, орайлардың коммуналлық төлемлери, шөлкемлер ҳәм мәкемелер менен бирге ислесиў сыяқлы мәселелер бойынша миллий-мәденият орайлары баслықларының мүрәжатлары тыңланды.

Илаж шеңберинде Комитет баслығының орынбасары А.Хаджаев, жетекши қәнигеси У.Турсунов ҳәм республикамыздың усы тараў бойынша жуўапкер ўәкиллери Тақыятас қаласы ҳәм Қоңырат районына сапар етиўи, республикамыздағы миллий-мәденият орайларының жумыслары менен танысыўы  күтилмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.