Өзбекистан Республикасы Президенти Баспасөз хызметиниң хабар бериўинше,  Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-январь күни Корея Республикасы Президенти Мун Чжэ Ин менен телефон арқалы сөйлести.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Президент Мун Чжэ Инди туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, оның Өзбекистан Республикасы ҳәм Корея Республикасы арасындағы дослық ҳәм страетгиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўға, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди беккемлеўге қосып атырған үлкен үлесин айрықша атап өтти.

2017-жылдың ноябрь айында Сеул қаласында болып өткен тарийхый әҳмийетке ийе жоқары дәрежедеги нәтийжели ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер көп қырлы өз-ара байланысларды раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратқаны және еки тәреплеме қатнасықларға анық әмелий мазмун бағышлағаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Президент Мун Чжэ Ин Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа қутлықлағаны ҳәм жақсы тилеклер ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Өзбекистан Президенти тымсалында Өзбекистан-Қубла Корея бирге ислесиўин ҳәр тәреплеме беккемлеў бойынша ҳақыйқый досқа, мәсләҳәтшиге ҳәм пикирлесиўшиге ийе болғанын айрықша атап өтти.

Корея Республикасының басшысы, сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёевтиң заманагөй Өзбекистан тарийхында биринши мәрте Олий Мажлиске еткен Мүрәжатын жоқары баҳалады. Өзбекистан ҳәм Қубла Кореяда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өзгерислердиң жаңа басқышы әҳмийетли ўазыйпаларға ҳәм тийкарғы мақсетлерге бола уқсас екени атап өтилди.

Сөйлесиўде еки мәмлекет басшылары Өзбекистан – Қубла Корея бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиўдиң перспетиваларын ҳәр тәреплеме додалады, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетттеги мәселелер бойынша пикир алысты.

Қубла Кореяның алдынғы тәжирийбесин, илим жетискенликлерин ҳәм технологияларын Өзбекистанда санаатты ҳәм инфраструктураны модернизациялаўға, социаллық секторды раўажландырыўға белсене тартыўға айрықша итибар қаратылды.

Корея Республикасы Президенти көп миллетли Өзбекистан халқын усы күнлерде Қытай Халық Республикасында болып өтип атырған футбол бойынша Азия чемпионатында жасларымыздың сайланды командасы көрсетип атырған әжайып ойыны ҳәм командамыз жарыс финалына шыққаны менен шын жүректен қутлықлады.

Өз гезегинде, Өзбекистан Президенти Корея Республикасы басшысына ҳәм халқына Пхёнчханда шөлкемлестирилетуғын ҳәм жәҳән спорты тарийхына киретуғын, ҳақықый дослық ҳәм өз-ара түсинисиў байрамына айланатуғын қысқы Олимпиада ойынлары табыслы өтиўин шын жүректен тиледи.

Сөйлесиўдиң жуўмағында мәмлекет басшылары еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық байланыслары менен дәстүрий тығыз бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға және беккемлеўге таяр екенин тағы бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА