«Қуранды еситиў, есите алыў жоқары мәнаўият, ағартыўшылық. Қуран ҳеш қашан жаманлыққа шақырмайды. Егер Қураны кәримди есите алсақ, еситтире алсақ – бул жетискенлик болады».

                                    Ш.М.Мирзиёев.

 

2017-жыл 1-сентябрьде Президентимиздиң «Ҳәзирети Имам» комплексине сапары ўақтында жәмийетлик шөлкемлер, мусылманлар басқармасының хызметкерлери, имам-хатиблер, мәҳәлле белсендилери менен бирге сәўбетлесиў өткерген еди. Усы ушырасыўда Қуран жарысын шөлкемлестириў бойынша баслама көтерилген еди. Ҳәзирги күнлери елимиз бойлап усы тапсырманы орынлаў бойынша Өзбекистан мусылманлары басқармасы тәрепинен «Қуран жарысы» бойынша илажлар өткерилмекте.

24-январь күни пайтахтымыздағы «Имам ийшан Муҳаммед» жомъе мешитинде жарыстың биринши аймақлық басқышы ҳәм республика бойлап ҳаял-қызлар арасында қуран жарысы болып өтти.

Оған Өзбекистан мусылманлары басқармасына қараслы диний билим бериў орынларының, Ташкент ислам университетиниң студентлери,  мешитлердеги имам-хатиблер, имам-найыплар ҳәм Қуран қирәәти бойынша тәжирийбеси бар, республикамыздың арқа районларында жасайтуғын       18-40 жас аралығындағы  пуқаралар қатнасты.

Усы мәнәсибет пенен өткерилген салтанатлы мәресимде шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Қуран инсанларды дурыс жолға баслаўшы, жақсы нийетлерге, саўаплы әмеллерге шақырыўшы иләҳий кәлам.

Жарыс ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар арасында екиге бөлинип  өткерилип, дәслепки жеңимпазлар анықланды.

Жарыстың тиловат бағдары бойынша еркеклер арасында 18-25 жас аралығында Тахтакөпир районынан Н.Аметниязов биринши, Нөкис қаласынан И.Қопабаев екинши, Шымбай районынан А.Боранбаев үшинши,  26-40 жас аралығында Нөкис районынан С.Раджапов биринши, Нөкис қаласынан А.Джолаўшиев екинши, И.Алламбергенов үшинши орынды ийеледи.

Усы бағдардағы ҳаял-қызлар арасында өткерилген жарыста  18-25 жастағылар арасында Нөкис қаласынан Х.Садықова биринши, Төрткүл районынан А.Каримбаева екинши,  26-40 жас аралығында Елликқала районынан Н.Усманова биринши, Беруний районынан З.Аминова екинши, Нөкис районынан Қ.Шапиева үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жуўмағында қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

– Дизимге алыў пайытында жарысқа қатнасыў ушын 112 (102 ер адам ҳәм 10 ҳаял-қыз) пуқара мүрәжат етип, олардың ҳәммеси дизимге алынды. Бүгин биз усы Алланың уллы саўғасы – Қуранды ядлаў ҳәм қирәәт пенен оқып билиў мәртебесине ийе болған ул-қызларымыздың шырайлы түрде Қуран оқыўдағы шеберлигинен кеўлимиз толып, заўықланыў бахтына миясар болмақтамыз. Мусылман адам ушын жаратқанның кәламын оқыў ямаса оны тыңлаўдан артық рәҳәт жоқ. Елбасшымыздың басламасы ҳәм ғамқорлығы себепли елимизде Қуран жарыслары мәмлекетлик дәрежеде болып өтпекте. Бул ушын Елбасшымызға миннетдаршылығымыз шексиз,- дейди «Имам ийшан Муҳаммед» жомъе мешитиниң имам-хатиби Б.Разов.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасында жарыслар үш жерде, яғный, Елликқала, Төрткүл, Әмиўдәрья, Беруний районларында жасайтуғын жарыс қатнасыўшылары Елликқала районы Бостан қаласындағы «Муҳаммед Нарынжаный» мешитинде, Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл, Хожели, Тақыятас районлары турғынларынан ибарат жарыс қатнасыўшылары Тақыятас қаласындағы «Сары ийшан» мешитинде, Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир, Кегейли, Нөкис районлары ҳәм пайтахтымыз Нөкис қаласы турғынларынан ибарат жарыс қатнасыўшылары, сондай-ақ,  республикамыз ҳаял-қызлары арасындағы қуран жарысы пайтахтымыздағы «Имам ийшан Муҳаммед» жомъе мешитинде өткерилиўи белгиленген еди.

Жарыстың районлық басқышлары усы жылдың январь-февраль айларында, республикалық басқыш март айында, ал Өзбекистан Республикалық басқышы апрель айында болып өтиўи режелестирилген.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.