Кеше кеште телеэкранларда жаңа телеканал «JaslarTV» көрсете баслады.

«No’kis – FM» жанынан шөлкемлестирилген канал ҳәзирше күнине 18 саат даўамында қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм басқа да тиллерде тест режиминде эфирге узатылмақта. Кейинирек каналда усы тиллерде күн даўамында жаслар ушын сериаллар, шоулар, юморлар бийпул эфирге узатылады. Телеканалдың аудиториясы – 16 жастан 35 жасқа шекемги жаслар.

Өзбекистанның жаслар сиясатын үгит-нәсиятлаў, жасларда Ўатанға садықлық сезимин тәрбиялаў, ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, жаслар спорты, исбилерменлиги, дөретиўшилик жумыслары бойынша ўақыя-ҳәдийселерди сәўлелендириў ҳәм елимизде ана тилдиң абырайын және әҳмийетин арттырыў телеканалдың мақсети есапланады.

Информациялық-кеўилашар, жас әўладты пуқаралық ҳәм Ўатансүйиўшилик сезимлерде тәрбиялаўға бағдарланған «Жаслар»   телеканалы – телевидениемизде жаслар ушын таза ҳаўа болады, деп исенемиз.

«JaslarTV» де тест режими кеминде еки ай даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги