Усы жыл 18-январь күни «Хожели талшығы» акционерлик жәмийетиниң Қанлыкөл пахта қабыллаў пунктинде өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаў ҳәм жүз бериўи мүмкин болған өртлердиң алдын алыў бойынша тактикалық-оқыў шынығыўлары өткерилди.

Онда Қанлыкөл районлық 6-санлы ҳәм Шоманай районлық 5-санлы қәнигелестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшеси жеке қурамы ҳәм өрт қәўипсизлиги бөлимшелериниң инспекторлары қатнасты.

Илажда, әмелий тактикалық-оқыў шынығыўларының өткерилиў мақсети ҳәм әҳмийети ҳаққында түсиниклер берилип, өрт өшириў қағыйдалары тийкарында районлық пахта қабыллаў пунктиндеги шәртли түрде жүз берген өртти өшириў илажлары әмелде көрсетилди.

Илаж даўамындағы шынығыўлар барысы, Өзбекистан Республикасы Ишки Ислер Министрлигиниң өрт қәўипсизлиги институты, Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министрлиги Өрт қәўипсизлиги басқармасының  қәнигелери тәрепинен баҳаланып барылды.

Илажда өрт қәўипсизлигине итибар бериў ҳәм қағыйдаларын сақлаў ҳаққында орынларда профилактика илажлары бойынша түсиник жумысларын алып барыў ҳәм өртти болдырмаў илажларына байланыслы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.