Нөкис қаласындағы Арқа-Батыс әскерий округине қараслы «Н»-санлы әскерий бөлимде мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметкерлерге тест сынақлары өткерилди. Бул тестте белгиленген балл топлағанларға Өзбекистан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын қосымша балл бериледи. Илаждың биринши күни оған  260 қа шамалас мүддетли әскерлер қатнасып, тест сынақларынан өтти.

Быйылғы тест сынақларының алдынғы жыллардағыдан өзгешелиги сонда, реже бойынша әскерлерге шешиў ушын 100 сораў бериледи. Бурынғысынан өзгешелиги, оларда анық пәнлер бойынша да сораўлар бар. Яғный, сораўлардың 10 проценти математика, 10 проценти физика, 40 проценти әскерий таярлық, 20 проценти руўхый-ағартыўшылық, 20 проценти логикалық сораўлар.

Ҳәр бир әскерий бөлимдеги мүддетли әскерлердиң 40 проценти, яғный ҳәр бир 10 әскердиң басқаларына қарағанда жоқарырақ баллға ийе төртеўи белгиленген тәртипте усынысқа ийе болады. Онда, сондай-ақ, олардың  хызмет етиў даўамындағы көрсеткишлери бойынша топлаған баллары да есапқа алынады.

Ҳәзирги күнде елимизде жайласқан барлық әскерий бөлимлерде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2005-жыл 31-октябрьдеги «Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери қатарында мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметкерлерге берилетуғын жеңилликлер системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген талаплар бойынша усындай илажлар баслап жиберилди.

Еслетип өтемиз, бул илажлар Өзбекистан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер министрликлери ҳәм Миллий қәўипсизлик хызметиниң 2017-жыл 22-августтағы «Мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерий хызметкерлерге Өзбекистан Республикасы жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын усыныслар бериў тәртиби ҳаққында»ғы биргеликтеги қарары менен тастыйықланған реже тийкарында әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги