Нөкис қаласы Улығбек көшесинде жасаўшы Ф.А. Нөкис дийқан базарындағы «Туран ғәрезсизлик жилўасы» саўда дүканынан 10500 сумға печенье сатып алады. Базарда печеньеге итибар етпестен үйине алып кетеди. Бирақ үйине барса, сатып алған печеньеси пайдаланыўға жарамсыз болып шығады. Сатып алынған дүканға қайтып барып, оны алмастырып бериўин талап етеди. Бирақ, сатыўшы қайыл болмай, тутыныўшының өзинен сатып алған затын алмастырған, деп гүманланады.

Усы жағдай бойынша Ф.А. Нөкис қалалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине арза менен мүрәжат етеди. Оның арзасы үйренип шығылып, дүкандағы печеньелерден шынында да пайдаланыўға жарамсызлары бар екени анықланады. Тутыныўшының пулы қайтарып бериледи ҳәм жарамлылық мүддети өтип кеткен жарамсыз өнимлер   сатыўдан алып тасланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги