Шымбай районы Тазғара АПЖ да жасаўшы С.М. (исми қысқартылған) ғалаба хабар қураллары арқалы  «Самсунг» телефонын сатып алған пуқараға Нөкис қаласындағы CITY MARKET дүканынан 50 мың сумлық «бонус» берилиўин еситеди. Ол буннан пайдаланыў ушын 100 мың 60 сумға Самсунг телефонын сатып алады. Акция купонын алып дүканға барса, сатыўшы ҳәр қыйлы бәнелер менен оған рухсат бермейди.

Буннан наразы болған пуқара Нөкис қалалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине арза менен мүрәжат етеди. Жәмийет тәрепинен шынында да акция жәрияланғанлығы анықланып, сатыўшыға түсиндириледи ҳәм С.М. 50 мың сумлық бонусқа ийе болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги